Get Mystery Box with random crypto!

Жоқарғы Кеңес Баслығы Мурат Камалов ҳәм Министрлер Кеңесиниң Б | KarInform.uz

Жоқарғы Кеңес Баслығы Мурат Камалов ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев мектеп питкериўшилерин қутлықлады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов пайтахтымыздағы 37-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде өткерилген «Соңғы қоңыраў» илажына қатнасты.

Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин шын кеўилден қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниң мектеплерди питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

Сондай-ақ, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев Нөкис қаласындағы 46-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өткен «Соңғы қоңыраў» кешесине қатнасты.

Қ.Сариев өз алдына үлкен мақсетлерди қойған питкериўшилерди бүгинги қуўанышлы байрам менен қутлықлап, Президентимиздиң питкериўши ул-қызларға жоллаған байрам тилеклерин жеткерди.

Каналымызға ағза болың @karinformuz

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Odnoklassniki