Get Mystery Box with random crypto!

Билим Ринг || Қарақалпақстан клубы

Telegram арнасының логотипі bilimring — Билим Ринг || Қарақалпақстан клубы Б
Telegram арнасының логотипі bilimring — Билим Ринг || Қарақалпақстан клубы
Арна мекенжайы: @bilimring
Санаттар: Фактілер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 346
Арнадан сипаттама

👉Каналда:
🎖Лига ойынлары шөлкемлестириледи
🏅 Викторина ҳәм қызықарлы мағлыўматлар
⚔️Дуэллер
💬 Қарақалпақстан Республикасындағы барлық билим ринг ойынлары ҳаққында мағлыўматлар сәўлелендирилип барылады.
Каналдың рәсмий топары: @BilimRing5

Ratings & Reviews

3.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 8

2022-05-27 19:15:57 "Билим ринг" интеллектуал турнириниң сектор басқышына старт берилди.


"Бес баслама олимпиадасы" шеңберинде өткерилип атырған "Билим ринг" таңлаўының сектор басқышына мирәт етемиз.

Таңлаўдың мәҳәлле басқышында жеңимпаз болған командалар енди сектор басқышта өз билимин сыннан өткереди.

Мәнзил:
1-сектор Нөкис қаласы 27-санлы мектепте
2-сектор Нөкис қаласы 10-санлы көзи әззилер мектеп интернаты
3-сектор Нөкис қаласы 34-санлы мектепте
4-сектор Нөкис қаласы 24-санлы мектепте

Ўақты: 28-май, саат 15:00

Белсене қатнасың! Жеңимпаз болың! Кейинги Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алың!

Мағлыўмат ушын телефон
+99890 651 96 86
294 views໓໐๓ēຖi¢, 16:15
Ашу / Түсініктеме
2022-05-25 23:09:14
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы "Билим ринг" интеллектуал клубы тәрепинен "Brain Ring" интеллектуал турнири Қарақалпақстан Республикасы бириншилигиниң IV тур ойынлары өткерилди.

Турнир жуўмағына бола, "Ағабий", "Беркут", "Алфа", "Мағрипат", "Galaktikos", "NoGoogle", "Карсу" ҳәм "Ideal" командалары өз қарсыласларын жеңип, лигадағы турнир кестесинде өз орынларын беккемлеп алды.
68 views໓໐๓ēຖi¢, 20:09
Ашу / Түсініктеме
2022-05-25 22:57:55
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы "Билим ринг" интеллектуал клубы тәрепинен Нөкис қалалық 2-санлы Информатика ҳәм хабар технологиялары пәнин тереңлестирилип оқытыўға қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары арасында "Bilim ring kids" интеллектуал турнири шөлкемлестирилди.

Турнир жуўмағына бола, 3-орынды "Эверест", 2-орынды "Аристократ" сондай-ақ, 1-орынды "IT жаслары" командасы ийеледи.
77 views໓໐๓ēຖi¢, 19:57
Ашу / Түсініктеме
2022-05-25 22:26:31
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Билим ринг интеллектуал клубы тәрепинен еки жас категориясында, яғный 15 жасқа шекемги жаслар ҳәмде 15 жастан жоқарылар арасында шахмат интеллектуал турнири бойынша турнир шөлкемлестирилди.

Турнир жуўмағына көре, 15 жасқа шекемги жаслар арасында:

-орын Мырзабаева Надира
-орын Жолдасбаева Тумарис
-орын Махмудов Алишер

15 жастан жоқарылар арасында:

-орын Аўезимбетов Аббаз
-орын Умирбаев Мырзахмет
-орын Мадетов Даўранбек

Жеңимпазлар Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен арнаўлы ислетилген кийимлер ҳәм дипломлар менен сыйлықланады

Сыйлықлаў кейинги турнир басланыў алдында әмелге асырылады.

Жеңимпазларды шын жүректен қутлықлаған ҳалда, кейинги турнирлерде бәршеге әўмет тилеймиз
118 views໓໐๓ēຖi¢, 19:26
Ашу / Түсініктеме
2022-05-25 18:00:00 Live stream finished (7 days)
15:00
Ашу / Түсініктеме
2022-05-25 16:28:09 Бүгинги ойындағы сораўларды даўыслы чатта сәўлелендирип барамыз!
224 views໓໐๓ēຖi¢, 13:28
Ашу / Түсініктеме
2022-05-24 21:45:00 100ге жақын шахматшылар 6 саат ойнаған турнирде кимлер жеңимпаз болғаны көпшиликти қызықтырып атырған болса керек әлбетте. Кимлер жеңимпаз болғанын белгилеп қойған шахматшылар дизими жумыс орнында қалып кетипти. Бизда жуўмақланған соң асығып қайта бериппиз

Жеңимпазлардың толық мағлыўматы менен ертең каналымызда сәўлелендириледи
159 views໓໐๓ēຖi¢, edited  18:45
Ашу / Түсініктеме
2022-05-24 20:34:10
#Онлайн_шахмат

15 жастан жоқарылар арасында финал ойыны:

Умирбаев Мырзахмет & Аўезимбетов Аббаз
239 views໓໐๓ēຖi¢, 17:34
Ашу / Түсініктеме
2022-05-24 20:19:19
#Онлайн_шахмат

15 жасқа шекемгилер арасында финал ойыны:

Жолдасбаева Тумарис & Мырзабаева Надыра
243 views໓໐๓ēຖi¢, edited  17:19
Ашу / Түсініктеме
2022-05-24 19:48:40 Қосымша:

Ҳәзир ярым финал ойынлары даўам етпекте!
123 views໓໐๓ēຖi¢, 16:48
Ашу / Түсініктеме