Get Mystery Box with random crypto!

Гулчеҳра Айтмуратова

Telegram арнасының логотипі aytmuratovagulchehra — Гулчеҳра Айтмуратова Г
Telegram арнасының логотипі aytmuratovagulchehra — Гулчеҳра Айтмуратова
Арна мекенжайы: @aytmuratovagulchehra
Санаттар: Әдебиет
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 86
Арнадан сипаттама

Жеке дөретиушилик канал.
Админ менен байланыс ушын :
@Mr_Karakalpakstan
Инстаграм ушын: @aytmuratovagulchehra

Ratings & Reviews

5.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 2

2022-04-20 05:48:06
Әке туўралы
Кеңесбай Рахманов

Қартайсаң да жасамағыл бийүмит,
Машақатқа қол қаўсырма ийилип.
Жыллар өткен сайын алдыңнан шығар
Мынаў дүнья түрли липас кийинип.

Көп даңғыл жол қалған менен артыңда,
Жаның бирден тақалмасын алқымға.
Ғаррылық та бул дүньяға жарасар,
Бейимлескен гүл сыяқлы салқынға.

Қартайғанлық – питкени емес сапсеттиң,
Ол да жолын аңлыйды бир мақсеттиң.
Ғаррыларың жүзге шығып өлсе де,
Жылаў керек: «Пай, әкежан, жас кеттиң!»

Еслетсе де қыстың қысқа шуўағын,
Қартаймақлық несип етсе, қуўаның.
Қанша адам кетип атыр қырқында,
Гүзге жетпей солғанындай жуўаның.

Ғаррысыз үй турғандай бир қулазып,
Қазығында қалған яңлы буға жип.
Ақыл айтқан кейиснама даўысы
Шаңараққа болар екен жыл азық.

Ғаррылық та келмес жолдан ап-аңсат,
Қуўанайық ғарры болып атансақ.
Қартайсаң да, енди қалған өмирден
Жақсылықты, ҳадаллықты қал аңсап.

1999

@kengesbai

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың @Merwert_uz
43 views02:48
Ашу / Түсініктеме
2022-04-17 20:25:40
Агар қачондир ҳеч кимни эшитгинг келмаса, менга қўнғироқ қил. Сени жим тинглашга ваъда бераман...

Г. Г. Маркес

@aytmuratovagulchehra
62 views17:25
Ашу / Түсініктеме
2022-04-16 16:45:53 Сораў

"Ериң" болар дейди адамның пири,
Кеўилим нәзик бирақ, геўдемиз ири,
Узын сораўлардың қысқаша, бири,
Сен мени бахытлы қыла аласаңба?

Төркиннен кеткенсоң бирәз алыслап,
Азайып баратса келиў-барыспақ,
Журт жүрсе жолымды өлшеп қарыслап,
Маған мәдет берип тура аласаңба?

"Жаман" деп айтпайман минезиң жақсы,
Қызғаныш-муҳаббат, сезимниң нақшы,
<"Жаман" болсаң мен-ақ көнейин яқшы>,
Деп мени еркелеп күле аласаңба?

Сен берген бахыттан айланса басым,
Жегизип мийнеттиң ең ҳадал асын,
Өмирлик, жүрекке жақын жолдасым,
Көринбес бахытқа көмаласаңба?

Аўыр айтып қойсам, тилимнен таўып,
Келте кийим кийсем аяғым жаўып,
Жаў жағамнан, ийтлер етектен қаўып,
Турса да сен мени дей аласаңба?.

Жара түссе таўып жүрегим емин,
Толтыр деп айтпайман қалтамның кемин,
Қойныңда шыққанша ең соңғы демим,
"Аманат" тай сақлап жүраласаңба?

Аўыр келер базда ҳаялдың назы,
Шертилсе дер едим кеўиллер сазы,
Өмиримше боларман мен саған разы,
"Әкем"ди әкеңдей көраласаңба?

Анамды қәдирлеп, әлпешлей билсең,
Жыласам-жубатып, қуўансам-күлсең,
Анаңа "Кабам" деп қарайман исен,
Бирақ, сен бул шәртке көналасаңба?

Жолларымыз узақ, мәнзиллер алыс,
Соқпақлар сан түрли, таныс-бийтаныс,
Маған ең қымбаты ар ҳәм де намыс,
Жүзимди жарық қылып жүраласаңба?

Боларсаң мен ушын адамның пири,
Кеўилим нәзик бирақ, геўдемиз ири,
Узын сораўлардың қысқаша, бири,
Сен мени бахытлы қыла аласаңба?

16.04.2022 02:28
Автор: Гулчеҳра Айтмуратова

@aytmuratovagulchehra
75 views13:45
Ашу / Түсініктеме
2022-04-16 09:44:10
***
Қосық жазсам базыда илхам келген гези,
Кимлердиңдур қойдым билмей кеулин езип,
Ел қатары жургеним бар дунья гезип,
Бирақ сирә дуняники болмадымау..

Жазғаным бар айралықлар жанға тийип,
Бир мен емес мухаббаттан кеули куйик.
Өзгелердиң дәртин жазсам "кимге" дейип,
Гәп сөзлерден бир дем шетте қалмадымау.

Сырттан кулип, иштен кунлер қурбы-қурдас.
Жулдызлардан шығар екен жақсы жолдас,
Илхам келсе бир қосықтың басын баслап,
Талай мәрте тунди таңға жалғадымау.

Сап ышқымды ушыратпадым излеп көптен,
Хәуеслерден журегимди қойдым шеклеп,
Бир кунлери келер оқып берермен деп,
Хеш көрмеген ярға қосық арнадымау.
***

Гунә қылды, жузине хеш салмас едим.
Хеш бир адам бунша жаман болмас дедим,
Шийрин еди... "Суйдим" дейип айтқан гези
Мың жалғанын хақыйқаттай тыңладымау.

Шаң туспесин дейип жанның жарасындай,
Сақлар болдым ышқты көздиң қарасындай.
Тәңрим! Кеулим аңламаслар арасында,
Бийкар мени шайыр етип таңладыңау.

Сарбиназ Айтмуратова
Апрель.2022ж

@sen_haqqinda⚘
66 views06:44
Ашу / Түсініктеме
2022-04-14 14:50:26
#avtor Aytmuratova Gulchehra
80 views11:50
Ашу / Түсініктеме
2022-04-10 09:25:08
#китаптан

Онам, ийғлар, онам йиғлар, онам у.......

@aytmuratovagulchehra
118 viewsedited  06:25
Ашу / Түсініктеме
2022-04-09 09:07:17
Қарақалпақ нызамлары

Тарийхымды Маманбий нақ бақлап жазған,
Халық мәпин алға сүйреп тақлап жазған,
Изин жалғап Айдос баба хатлап жазған,
Тақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Алакөзде үмит еткен ел тәўирин,
Өз тилимди былғамағай өз баўырым,
Нызам күни тоғызыншы нур сәўирим,
Сақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Сызып кеткен шегарамды тумлы тустан,
Жер өлшеўде ҳаўаланып қалпақ ушқан,
Аллаярым мәңгиликге бахыт тутқан,
Бақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Сен нызамым китабымда номерленген,
Ўатан жерди бизге АЛЛА тәңир берген,
Нызам қорғап, болмағай бир жәбир көрген,
Ықланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Екиси кемис болған отыз жастасаң,
Үлгиси жемис шашылған нур бақласам,
Байрақ жүзим, гимн уран таспасаң,
Сақланарсаң қарақалпақ нызамлары.

Автор Жаңабай Анетеев
8-апрель 2021-жыл.

@ADEBIYAT_QR
101 views06:07
Ашу / Түсініктеме
2022-04-08 07:30:19 Өткен жылы Жазыўшылар аўқамында болатуғын бир семинарға ҳүжжет тапсырып, жуўмақлаўшы қадағалаўға таярланып жүргенимде кемпир апам емлеўханада жатыр еди. Барлық жумысымды питирип, сессия тапсырып болғанымда кемпир апам емлеўханадан шығып келди. Сонда "Изимнен бир бармадың я" деп өкпеледи. Мен болса "Аўқамда семинар болажақ, китабым шығып кетеди еле, содан босамай қалдым" дедим. Апам бийшара " Ондай затларға қатнасқан болсаң, босамаған болсаң саған өкпелемеймен" деп күлимсиреп қойды....

Бүгин мен өзиме өкпелеп атырман. Сол ўақытта семинарға емес, емлеўханаға барыўым керек екен......
86 views04:30
Ашу / Түсініктеме
2022-04-08 06:34:06 Бәриңе мәңги өмир тилер-ем,
Өмирде бәри мәңгилик емес....

@aytmuratovagulchehra
83 viewsedited  03:34
Ашу / Түсініктеме