Get Mystery Box with random crypto!

#диалог -Таныдыңба? -Нени? -Балалығыңда шақасына минип ойнаға | Гулчеҳра Айтмуратова

#диалог

-Таныдыңба?
-Нени?
-Балалығыңда шақасына минип ойнаған, талай мәрте жығылған ҳәм жазда басыңа саябан болған теректи?
-Ммм.... Аўа!
Не еди?
-Дерлик, ҳешнәрсе. Сен узақласқаннан соң бул терек кесилди. Ҳәзир, сени таныйтуғын қәдирдан жийделериң ҳәм талларың жоқ.
- Билемен. Енди ол көшеде мен менен, балалығым менен байланыслы ҳешнәрсе қалмады.
- Бул мендеги ең соңғы балалығыңның сүўрети. Сақлап қой, илтимас.
-Не ушын "Илтимас"...?
-Себеби, бир күни мен де бул жерде болмаўым мүмкин....

Г.А
@aytmuratovagulchehra