Get Mystery Box with random crypto!

Яқ, маған шәрт емес мәртебе атақ, Маған музика ҳәм тынышлық ке | Гулчеҳра Айтмуратова

Яқ, маған шәрт емес мәртебе атақ,
Маған музика ҳәм тынышлық керек.
"Медал", "Орден" сорап салмайман шатақ,
Тыныш болса болды кеўлим ҳәм жүрек.

"Маған дәркәр емес, ҳәзир той-байрам",
Қулақшын берсеңиз жетер қолыма.
Кеўлимниң сарайы болғандай ўайран,
Итибар бермеңлер "даўыс тон"ыма.

Эко машқалалар, слайд, курсавой,
Шаршадым оқыўда "оқый бериўден".
Қашып кетиў ушын келер сан мың ой,
Жалықтым бир түсти күнде көриўден.

"Қашсам" деймен, мени тутпаса ҳеш ким,
Қосық та қуралмас ҳәтте сөзимнен.
Жәмийет, адам яки жумыстан емес,
Алыс кетким келер ҳәзир өзимнен.

20.04.2022 22:36
Гулчеҳра Айтмуратова