Get Mystery Box with random crypto!

САЎ САЛАМАТ АМАН ЖҮРИҢ УСТАЗЛАР. Шәкиртлердиң көребериң жеңис | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

САЎ САЛАМАТ АМАН ЖҮРИҢ УСТАЗЛАР.

Шәкиртлердиң көребериң жеңисин,
Көрмегейсиз зинҳар оның кемисин,
Сиз мийўалы дарақ бизлер жемисиң,
Саў саламат аман жүриң устазлар.

Әдилликти уран етип алдыңыз,
Бизди болса туўры жолға салдыңыз,
Жүреклерде бир өмирге қалдыңыз,
Саў саламат аман жүриң устазлар.

Инсан тәғдирине қылаплық қылмай,
Ҳеш қашан биреўдиң ҳақысын жырмай,
Ҳадал мийнет етип атырсыз тынбай,
Саў саламат аман жүриң устазлар.

Сизлерге тилеймен ең зор денсаўлық,
Ҳәр күниңиз болсын қуўаныш шадлық,
Несийп еткей сүйиў ақлық шаўлық,
Саў саламат аман жүриң устазлар.

Сиз арқалы бизге бәрҳә ашық жол,
Несийбеңиз болсын еки дүнья мол,
Устаз-шәкирт болып берип бизге қол,
Саў саламат аман жүриң устазлар.

Ансатбай Каражанов 31.08.2022-жыл


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai