Get Mystery Box with random crypto!

БИЛИЎ КЕРЕК ҲӘР КИМ ӨЗИНИҢ СЫЙЫН Салған жақсы жөнсиз ислерге | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

БИЛИЎ КЕРЕК ҲӘР КИМ ӨЗИНИҢ СЫЙЫН

Салған жақсы жөнсиз ислерге тыйым,
Жаман болыў аңсат ал жақсы қыйын,
Өзиңнен өзгени демең бир тыйын,
Билиў керек ҳәр ким өзиниң сыйын

Таймасын десеңлер басыңнан күйиң,
Ғыйбат өсек сөзден тиллерди тыйың,
Дус келмесин десең өмирде түйин,
Билиў керек ҳәр ким өзиниң сыйын.

Қазсаңлар егерде биреўдиң түбин,
Шубалтып аласыз өмирдиң жибин.
Ҳәр ким өзи тартқан жақсыдур жүгин,
Билиў керек ҳәр ким өзиниң сыйын.

Айтқан жақсы таўып сөздиңде жүйин,
Қурт болып жемеңлер өзгениң мийин,
Бийлемең ҳеш қашан биреўдиң үйин,
Билиў керек ҳәр ким өзиниң сыйын.

Жақсы емес тыққан ҳәр жерге мурын,
Нәмәртлер ашады достының сырын,
Бундайлар болмаған өмирде бурын,
Билиў керек ҳәр ким өзиниң сыйын.

Ансатбай Каражанов 29.08.2022-жыл
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai