Get Mystery Box with random crypto!

ТЫНЫШЛЫҚ ҲҮКИМРАН БОЛСЫН ЕЛИМДЕ. *** Қулан кийик секрип ойнар | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ТЫНЫШЛЫҚ ҲҮКИМРАН БОЛСЫН ЕЛИМДЕ.
***
Қулан кийик секрип ойнар шөлимде,
Үйрек ушып ғазлар қонар көлимде,
Салы ҳәмде бийдай өнген жеримде,
Тынышлық ҳүкимран болсын елимде.
***
Ҳадал мийнет исле зинҳәр еринбе,
Күш жигер қайтпасын ҳасла белиңде,
Жуўсан аңқып кийик қашқан шөлимде,
Тынышлық ҳүкимран болсын елимде.
***
Ийман болсын бәрҳә жүрек төриңде,
Жаман адам тик турады гөринде,
Сүйип жасаң тынышлықты өмирде,
Тынышлық ҳүкимран болсын елимде.
***
Көрди мениң талайларды көзимде,
Нәсият ҳәм ақыл болар сөзимде,
Тынышлықты сүйемен мен өзимде,
Тынышлық ҳүкимран болсын елимде.
***
Жақсылық самалы есер кеўлимде,
Тыныш таң атады мениң елимде,
Киндик қаным тамған туўған жеримде,
Тынышлық ҳүкимран болсын елимде.


Ансатбай Каражанов 10.08.2022-жыл


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai