Get Mystery Box with random crypto!

ЖАҚСЫЛЫҚ САЎАПСЫЗ ҚАЛМАС БИР ШЕТТЕ. Жақсылық келмесе жаманлы | Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍

ЖАҚСЫЛЫҚ САЎАПСЫЗ ҚАЛМАС БИР ШЕТТЕ.

Жақсылық келмесе жаманлық етпе,
Сәл қолың узайса өзгерип кетпе,
Жетеди сабырлы ғана нийетке,
Жақсылық саўапсыз қалмас бир шетте.
***
Жақсылық қылсаңлар ҳасла сөз етпе,
Билмесе билмесин қылмаңлар өкпе,
Ҳеш қашан жаманлық туқымын сеппе,
Жақсылық саўапсыз қалмас бир шетте.
***
Биреўдиң кеўилин аўыртып сөкпе,
Көпшилик алдында абройын төкпе,
Бундай минез бенен бармайсаң көпке,
Жақсылық саўапсыз қалмас бир шетте.
***
Таласпаң ийт киби ҳасла сүйекке,
Жақсылық ҳәм ийман болсын жүректе,
Жақсылық қыл жаның болса ийекте,
Жақсылық саўапсыз қалмас бир шетте.
***
Жақсылық қыл жетисесең нийетке,
Қайтпайды деп ҳасла уўайым шекпе,
Зикир қылыңызлар “Алла”ны текте,
Жақсылық саўапсыз қалмас бир шетте.
***

Ансатбай Каражанов

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai