Get Mystery Box with random crypto!

БУРХАНОВ Телеграм

Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм Б
Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм
Арна мекенжайы: @akhmetburkhanov
Санаттар: Блогтар , Саясат
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 250
Арнадан сипаттама

Геополитика. Война империи за новый миропорядок. Будущее у тех, кто строит новый мир вместе.

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 11

2022-05-04 17:02:32 ЛӘЙЛЕК

Буннан мың жыллар шамасы алдын. Хорезм патшалығының гүрлеп турған пайтларында, патшалық пайтахты Гурганжге Хорасаннан бир әмелдар, патшаға арыз бенен келипти.Патша, сарайында күнде, ҳәр түрли бәзмлер уйымластырылар екен, қызықлы ўақыялар, қыссалар, айттырылып, соларды тыңланып, ўақыт өткерер екен. Пайтахтқа келгген мийман сарайға кириўин кирипти дә, лийкин патшаға арызын айтыўға пурсат таба алмай, базмлерге қатынасып жүре берипти.
Күнлер артынан күнлер өтип, арадан ай ҳәм өтип кетипти. Бир күни бәзмде қуслар ҳаққында гәплер болыпты, бәзмдегилер, өзлериниң қуслар ҳаққында көрген билгенлерин айтып берип атыр екен, гезек хорасанлыққа да келипти.
- Мен, қуслар жөнинде көп нәрсе билмеймен, бирақ соны айтыўым мүмкин, ләйлек жүдә ақыллы қус екен, соны билдим,- депти хорасанлық.
- Неге ондай деп ойлайсыз, мийман? - деп сораса:
- Себеби, ол қус Хорезмге келмейди дә,- деген екен.

М.Бурханов
43 viewsAlan Normann, 14:02
Ашу / Түсініктеме
2022-05-04 11:38:22 ЕКИ ДОС ҲИКАЯСЫ

Ески заманларда медресе талабаларының арасында ҳәр түрли ойынлар болған екен.Мысалы хаттатлыққа оқып атырған талабалар жасырын хат дүзиў бойынша, ҳәр бир ҳәрипке мәни берип жумбақ хатлар дүзиледи, ҳәм сол хатты дурыс оқыў бойынша қызықарлы шуғылланыўлар өткерер екен. Солай етип, зеригерли оқыў ўақтын безеп, кеўиллерин көтериседи.Бунда олар Қуръаны Кәрийм сүрелеринен пайдаланады, ким сүрелерди яд билсе сол талаба жумбақ хатты аңсат оқый алады. Бул хаттатлыққа оқып атырған талабалар арасында Маҳмуд ҳәм Ҳамийд деген, еки дос ҳәм бар екен.
Оқыў мерзими питип, талабалар өз журтларына қайтып, тарқасыпты. Еки дос ҳәм хошласып өз еллерине қайтыпты. Арадан жыллар өтип,тәғдир тақазасы менен екеўи еки патшаның хаттаты болып сарайға жумысқа алыныпты. Маҳмуд Ҳират патшасының сарайында, ал Ҳамийд болса, Балҳта ҳаттат болыпты. Күнлерден бир күн еки патша ортасында келиспеўшилик келип шығыпты: Ҳират патшасылығында қолға түскен бир топар питнешилердиң жанынан табылған хат Балҳ патшасының хаттаты тәрепинен жазылған, деп табылып, питнеде Балҳ патшасының қолы бар деп гүмән қылыныпты. Патша Маҳмуд ҳаттатын шақырып, Балҳ патшасына хат жаз, ҳаттатын дарға ассын, болмаса өзи айыпдар болады, депти. Сөз өзиниң досы Ҳамийд ҳаққында баратырғанын түсинген Маҳмуд ойланып, хатты жазып болғаннан кейин сыртына билинер билинбес белги қойып хатты
жөнетипти.Хират патшасынан келген хатты оқытыў ушын Балҳ патшасы Ҳамийдти шақырыпты. Хамийд хатты қолына алып турып, ишин ашпастан ,
мурын услап "мурным қанап кетти" деп сыртқа шығып кетипти.Сарайдағылар әри -бери-күтип, сыртқа адам жиберсе, ҳаттат атына минип кетип қалды, депти сарай нөкерлери.Патша ҳайран болып, хатты ашып, өзлери оқыса хатта хаттатты дарға асың, деп жазылған екен..Одан бурынғыдан бетер ҳайран қалыпты. Сөйтип жуўап хат жиберипти хаттат қашып кетти, излеп атырмыз, тапсақ, әлбетте дарға асамыз деген мазмунда.
Арадан бираз ўақыт өтип, Ҳират патшасының ҳәм ашыўы қайтып, қатынасықлар изге түсип кетипти. Балх патшасы ҳәм жан жаққа адам жиберип "хаттат қорықпай келе берсин, ҳешқандай жаза берилмейди, қәтер артта қалды" депти. Хаттат Ҳамийд жасырынып жатқан жеринен шығып сарайға келипти. Патша оннан хаттың мазмунын қалай билдиң деп сорапты.
Сонда Ҳамийд:
- Ҳират сарайының хаттаты мениң досым, сол досымның қойған белгисинен билдим,- деп жасырын хат дүзиў сырларынан бир сырын айтып берипти, - хаттың сыртына үш жерге "м"
ҳәриби қойылған еди: мәйит өлим дегени және "м" сыртмаққа уқсайды бул дар дегени, үш рет қойылғаны маған тийисли екенине ишара еди...

М.Бурханов
149 viewsAlan Normann, 08:38
Ашу / Түсініктеме
2022-05-03 16:45:56
Рим папасы Франциск: НАТО ның Россияның қапысының алдында тынбай үриўи, урысты пайда етти...
118 viewsAlan Normann, 13:45
Ашу / Түсініктеме
2022-05-03 14:58:14 МЕКТЕПТЕ

Мектепте 8 класс оқыўшыларының ата-аналар жыйналысы өткерилмекте. Кластағы бар 30 оқыўшының, ярымының ата- аналары келген.Биреўлериниң атасы я әжеси, және биреўлериниң әкеси, бирақ әдеттегидей көпшилиги ҳаяллар, яғный аналары келген. Класс басшысы, жас келиншек келгенлерге оқыўшылардың тәртиби, пәнлерден үлгериўи
ҳаққында ҳәр бир оқыўшысына тоқталып, айтып өтти. Танысып шығыўға ҳәм қол қойдырыўға табеллерин берер екен, ақша ҳаққында гәп баслап қалды:
- Енди, алдымызда каникул, класымызды ремонтлаўымыз керек, полын, дийўалын бояп, айналарға перде, дегендей алыўымыз керек. Соған актив ата-аналар, өзлериңиз қәрежет жыйнап берсеңиз, қанша кететинин бирге есапласақ, - деди ийбенип.
- Дурыс, -деди партаға зорға сыйып отырған семиз ҳаял, - өзимиздиң перзентлеримиз оқыйды, бес-он сом қайерде қалмайды беремиз.
- Берейик, беремиз - дести ҳаяллар - қаншадан жыйнаў кереклигин келисип алайық.
Усы ўақытта артта отырған ғарры:
- Әй, муғаллим қызым, мен кешегиде бир газетте оқып едим, егер мектепте ақша жыйнайман десе бермең, болмаса мына телефонға хабарласың деп қойып еди. Ҳүкимет өзи ремонтлайды екен мектепти, - деди.
- Мен мектепти айтып атырғаным жоқ, тек кластың ишин оңлаймыз дедим. Кеше район халық билимлендириў бөлиминде класларды өзлериң оңлайсыз, коридорды ҳүкимет ремонтлайды екен деп келди директорымыз, - деп, жеңислик бермеди, муғаллим келиншек.
-Ҳүкимет пенен пай бөлисип жүргенлер, қандай азамат екенин билмедим дә, бирақ, қызым саған айтарым, усыдан, биреў ана номерге қоңыраў етсе, жумысыңнан сен айырылып қаласаң ғо, ана пай бөлисип жүргенлер емес, - деди ғарры
мүләйимлик пенен.
- Ым... Болды, түсиндим ата, рахмет, -деди келиншек қызарып, - пул ҳаққында гәп болмады деп есаплаймыз.
Соның менен ата-аналар тарқасып кетти.
Келиншек коридорда мектеп директорын ушыратып қалды.
Көзәйнекли толық ҳаял, муғаллимге бастан аяқ нәзер салып бир қарады да:
-Ҳе, пул жыйнадың ба?- деди, ҳәм пул жыйнамағанын түринен сезип, - ҳе, мейли, онда өзиң ремонтлайсаң класыңды, мен билмеймен,қалай ислейсең, өзиң бил.- деди кетип баратырып.
Келиншек:
- Аўа, әлбетте өзим ремонтлайман, - деп, зорға айта алды, болғаны. Ҳүкимет пенен пай болып отырғанлардың биринен қорықпай болама.

М.Бурханов
149 viewsAlan Normann, 11:58
Ашу / Түсініктеме
2022-05-03 13:07:20 ТӘЖИРИЙБЕЛЕР

Пандемия ўақтында табысы көбейген ҳәкимият белсендилери ҳәкимият актзалына жыйланысты.Мәҳәлла посбанлары, белсендилери, район депутатлары. Жыйналыста темпти жаздырмаў, табысты, ишки имканиятларды қарастырып және де еки есе көбейтиў мәселелери қаралды.
- Жолдаслар! Биз быйыл тасқын табысларға еристик. Ҳәммеңиздиң актив мийнетиңиздиң арқасында бул табыслар. Соның ушын арқайынлыққа берилип қалмаўымыз керек. Ишки имканиятларымызды иске салып табысларымыз және де асырайық. Ҳәммеңизге рахмет. Айтпақшы, жумыс жуўмағы бойынша премиямыз ҳәм бар, - ҳәким орынбасары сөзин жуўмақлар екен, ҳәмме дуў шапалақ пенен күтип алды, әсиресе премия сөзи ҳәммеге мақул келди.
- Ислесе болады екен ғо, - деди кейинги сөзге шыққан депутат, - биз, расын айтсақ еле де жумыс көлемин толық қамтый алмадық. Егер толық, қамтығанымызда табысымыз буннан да уш-төрт есе көп болған болар еди. Коронавирус азайып енди маска бойынша жәрийма салыў қыйынласып кетти. Сондай болса да пәтимизди түсирмей,ишки имканиятларымызды қарастырыўымыз керек.Бунда бизлер жол қәўипсизлиги хызметкерлериниң ис тәжрийбесин үйрениўимиз керек. Олар, пүткил ишки ислер бөлимин қаржы менен тәмийинлеп қоймастан, бюджетти ҳәм толтырып отыр. Мысалы, машиналардың айнасының тонировкасын алайық, я ислеп бермейди тек рухсат береди, болғаны, қанша ақша жыйнап отыр, Районымызға берилген пенсияның муғдарын, қайттан жыйнап алды. Мениң усынысым, алдымыз жаз, адамларға қара көзәйнек тағыўды қадаған етсек, белгили муғдардағы пул төлемин төлеп, мейли таға берсин. Болмаса жәрийма.Әне қараң, нешше мың адам бар районда, ҳеш болмаса берилген жәрдем пулларды қайтадан жыйнап алармыз!
Жыйналыс қойылған усынысларды додалаўға өтти. Қуяш көзәйнеклериниң қаралығына карап жәрийма белгиленди. Тағыўларға рухсат бериў ушын, пул муғдары да белгиленди. Бизлер "жаўыз емеспиз ғо" деп, медицина көрсетпеси барларға бийпул тағыўға рухсат етилди. Оған да шүкир.
Енди тек районлық көз шыпакеринен сүйиншисин алыў керек.
М.Бурханов
196 viewsAlan Normann, edited  10:07
Ашу / Түсініктеме
2022-05-03 11:37:09 АМЕРИКАДАН КӨЗҚАРАС

Джеффри Сакс белгили америкалы экономист, ол 1991-94 жж аралығында Россия президенти Ельцинниң қасындағы экономикалық Кеңестиң баслығы болған, оның атағын шығарған,сол ўақытта, Россияда экономикалық "ШОК терапиясын" өткергени болды. Жақында ол Италия "Corriere della Sera" газетасына берген интервьюсинде, Украинадағы кризис жөнинде қызықарлы пикирлерин, билдирип, өз баҳасын берип өткен.

Американың үлкен алжасығы, НАТО Россияны жеңеди деп есаплаўында.
Бул оның узақты көре алмаслығын ҳәм менменшиллик сиясатын билдиреди.
Егер Путинниң контролында мыңлаған ядерлық боеголовкалар бар екенлигин есапқа алсақ, "Россияны жеңиў" деген уғымды адамның түсиниўи қыйын.Сонда не, Америка политиклериниң өлгиси келгени ме?
Мен өзимниң мәмлекетимди жақсы билемен. АҚШ лидерлери, ең соңғы украин қалғанша гүресиўге таяр, бирақ тынышлық келисими дүзилсе, Путинди жеңемен деп Украинаны жоқ қылғаннан, әдеўир жақсы болар еди.

Мениң билиўимше, АҚШ тынышлық келисимине барғысы келмейди, келиссөзлер өткерилиўине де қарсы турыпты.Россия Украинаның нейтраль мәмлекет болғанын ҳәм оның рыногына, ресурсларына жол ашық болғанын қәлейди. Булардың гейпаралары АҚШ ушын жақпаўы мүмкин, сондай болса да бул талаплар келиссөзлер ушын анық позиция.
Усы ўақытқа шекем АҚШ ҳәм Украина өзлериниң келиссөзлерге қойылатын талапларын әшкара қылмады. АҚШ Украинаны әскерий,политикалық экономикалық планда евроатлантика лагерине киргизип қоймақшы. Мине, урыстың бас себеби де усы жерде. Америка ҳеш, әўўеле ҳәм, кейин ҳәм, компромисске келгиси келмеди.

Енди олар, украинлерди сизлер Россияны жеңесиз деп исендирмекши болып атыр. Сонша көп атом қуралына ийе мәмлекетти жеңемиз деген идеяның өзи барып турған ақмақшылық. Мен ҳәр күни баспасөз бетлерин қарайман, ҳеш болмаса АҚШ тың бир әмелдары келиссөз жүргизиў кереклигин айтар ма деп, яқ, еле бирде биреўи, ол туўралы аўзын ашпады.

Егер АҚШ ҳәм Европа аўқамы Путинди әскерий жынаятларда айыплап, сотламақшы болса, онда оның қасына Киши Джордж Буш пенен Ричард Чейниди Ирақ ушын, Барак Обаманы Сирия ҳәм Ливия ушын, Джо Байденди Аўғанстан алтын валюта резервлерин Кабулда алып қойғаны ушын қосып қойыўы керек, бул дизимди узақ жалғастырыў мүмкин.

Россия, АҚШ тың Украинаны толық ийелегенин көргеннен кейин урысты баслаўға мәжбур болды.2021 жылы Владимир Путин НАТОның Украинаға кеңейиўи бойынша келиссөзлер жүргизиўге келгенинде, Джо Байден дипломатиялық, әскерий авантюрасын еки есе күшейтип жиберди. Ол Москва менен сөйлеспек туўе, 2021 ж НАТО саммитинде бул кеңейиў процессин тезлетиўди талап етти. Кейин Украина менен еки келисимге қол қойды. Және де Украинада масштаблы әскерий оқыў шынығыўларын өткериўди даўам етти, Украинаға қарыў бериўди күшейтти.
Бул жерде бир қызық факт:Австралия менен США, Қытай менен кишкене Соломон араллары арасындағы өзара қәўипсизлик пактине қол қойысқанына, шашын жулып атыр. Бул жүдә қәўипли биз ушын деп. Соломон араллары Автралиядан 3000 км узақлықта жайласқан. Олай болса, ийегиниң астында жайласқан Украинаға Россия қалай қараўы керек?

Санкциялар келиссөзлер барысында алып тасланыўы керек. Украинадағы урыс қанша қатыгез, қорқынышлы, нызамсыз болмасын, бул биринши бундай урыс емес. АҚШ тың Вьетнам, Лаос, Камбоджа,Аўғанстан Иран (1956ж төңкерис ҳәм диктатура),Чили, Ирак, Сирия, Ливия, Яман мәмлекетлериндеги авантюраларын еслегенниң өзи жеткиликли Соған қарамастан АҚШ жәҳән миллетлер жәмийетшилигинен шығарып тасланған жоқ. Россия да сондай болыўы керек. Бирақ АҚШ тағылар Россияны биротала изоляция қыламыз деген пикирде жүр , бул олардың сол менменлигинен басқа ҳеш нәрсе емес.

Европа Аўқамы тынышлық келисимин дүзиў ушын батырырақ ҳәрекет қылыўы керек, нефть ҳәм газдиң толық эмбаргосы Европаны рецессияға түсиреди, және бул урыстың ақыбетине тәсир етпейди, керисинше, тынышлық келисимине жаман тәсир етип, Европаның өзине күшли зыян келтиреди.

Орысшадан аўдарған
М. Бурханов
186 viewsAlan Normann, edited  08:37
Ашу / Түсініктеме
2022-05-02 21:09:00 Уллы мәмлекетлер шайқасында Америка қарыўсыз қалама?.

Bloomberg информация агентлиги шолыўшысы Хэл Брэндс оқыўшылары менен өзиниң қәўетерлерин бөлисти:
профессордың есабы бойынша, Украинаға берилип атырған әскерий жәрдем, мүмкин болған, буннан да үлкен конфликт ушын, Американы қарыў-жарақсыз қалдырады дейди.

Шектен тыс украинаны қорғаўды қайғырыў сондай дәрежеге жетти, гейпара аналитиклердиң қәўетерлениўи күшеймекте, егер усылай бирнеше ай даўам етсе, Америка арсеналы сезилерли дәрежеде азайып қалыўы әбден мүмкин.Бул ҳаққында Bloomberg басылымының бетлеринде - "Геўгимдеги шайқас - бизге суўық урыс сабақлары не берди? Бүгинги Уллы мәмлекетлер қарсы турыўы ҳаққында." китабының авторы профессор Хэл Брэндс айтып өтип "Батыс аўқамының алдында еки таңлаў тур, я Киевке көбирек қарыў жарақ жибериўи керек, я болмаса,өзиниң зәҳийрасын сақлап қалыўы керек, өзин қорғаў ушын" - деп жазады ол.

Халықаралық жаңалықлар агентлиги
Reuters хабар бериўинше АҚШ штаб баслықларының бирлеспе комитетиниң баслығы генерал Марк Милли мәлимлемеси бойынша 2022 жыл апрельдиң басына шекем, Батыс Киевке 60 000 танкке қарсы, 25 000 зенит қарыўларын жеткерип берген. Және де әскерий көмектиң қосымша пакети бойынша аўыр артиллерия системалары, вертолетлар, бронетранспортерлар снарядлар ҳ. т. б., улыўма баҳасы 800 млн $ қарыў берилиўи керек, буның ишинде 155мм "Howitzer" артсистемасы ҳәм бар деп айтып өтти ресмий пентагон ўәкиди Джон Кирби.
АҚШ Қорғаныс министриниң жоқары лаўазымдағы ўәкили Эллен Лордтың көрсетиўи бойынша, АҚШ, ПЗРК "Stinger" ден өз запасының төрттен бирин Киевке жиберген."Бул бизиң қәўипсизлигимизге улкен зыян" деп есаплайды Эллен Лорд. Оның ойынша булардың орнын толтырыў ушын еки жылдан көбирек ўақыт керек болады.

Ал Javelin танкке қарсы ракетасының орнын толтырыў ушын 5 жылдан көп ўақыт керек. Профессионал хызмет көрсетиў кеңесиниң Бас орынлаўшы директоры Дэвид Барто буны мақуллап, ракеталардың запасының үштен бири таўсылды деп атап өтти. "Америка өз арсеналларының орнын толтырыўда артта қалмақта," деп қосымша айтып өтти, "бул проблемалар тек ғана Украина емес АҚШ тың ишки жағдайына да байланыслы , максимум инфляция тәсир етип атыр."

Баспасөзлерден
М.Бурханов
80 viewsAlan Normann, 18:09
Ашу / Түсініктеме
2022-05-02 21:01:10 Десять подвигов главного путинского агента
https://alternatio.org/articles/articles/item/102957-desyat-podvigov-glavnogo-putinskogo-agenta
84 viewsАхмет Бурханов, 18:01
Ашу / Түсініктеме
2022-05-02 17:45:40 БРИТАНИЯ ОРТА АЗИЯДА

Тарийхтан билемиз инглизлер дуния жузинде колониясы ең көп империя қурғанын,ҳәм "Бизиң империямызда қуяш батпайды" деген ибара да солардан қалған. Кишкене аралдан шыққан, азғантай халық қандай қылып өзинен үлкен, көп, халықларды бағындырған?

Көпшилик политологлардың, тарийхшылардың айтыўынша инглизлар, жыллар даўамында, айрықша универсал тактика ислеп шыққан, ҳәм соның жәрдеминде өзинен бирнеше есе үлкен индияны да бағындыра алған. Туўры олардан алдын португаллар, голландлар ҳәм
ҳәрекет қылған, бирақ олардың нәтийжесин инглизлердики менен салыстырыўға болмайды. Бул тактика жүдә әпиўайы көринген менен оны әмелге асыратын адамлардан тәўекелшиликти, әдеўир батырлықты ҳәм қатыгезликти талап етеди.Басып алынатын территория алдын барлаў қылынады, жағдайы жақсылап үйрениледи.

Кейин кишкене отряд жиберилип кишигирим елатлар менен келиссөзлер жүргизиледи көсемлерине қымбат баҳалы саўғалар бериледи, қарыў-жарақ ўәде қылынады. Бул келиссөзлер бир ўақыттың өзинде, бирнеше көсемлер менен алып барылыўы мүмкин.Мысал ретинде айтып өтиўимиз керек, туркменлердиң қарақалпаққа, қазаққа шабыўыллары сол инглизлер тәрепинен уйымластырылған.Ол тарийхий факт.
Солай етип көсемлер сатып алынады, кейин елде пухаралар урысы келип шығады.

Инглизлар енди "жарастырыўшы" болып келеди. Олардың хызметинен пайдаланғанлар өзлериниң ғәрезли болғанын билмей ҳәм қалады Бул операцияға онлаған жыл кетиўи мүмкин, инглизлер асықпайды бири кетсе, басқасы изин даўамлап кете береди.Ҳәзирги күнге келип, усы тактиканың аркасында пайда болған МИ-6 инглиз разведкасы дуния жузиндеги ең күшли шөлкемлердиң бири болып есапланады, ҳәттеки, оның тәсир күши инглиз ҳүкиметинен де жоқары. Бир қызығы ҳәмме жерде, жоқары нәтийже берген бул тактика Аўғанстанда келгенде ҳеш нәтийже бермей қалған.

Британия Аўғанлар менен уш рет урысқан биринши аўған урысы 1820 жыллары болған, екиншиси 1880 жыллары болған, үшинши аўған-инглиз урысы 1920 жыллары болған үшиншисине, ҳәттеки, қызыл әскерлер ҳәм қатынасқан. Ҳәттеки бир-бирименен қырылысып жүрген пуштунлар инглизлерди көрсе биригип кете берген, соның нәтийжесинде аўғанлар талай шотланд, ҳинд, инлис отрядларын қыйратқан, солай етип пуштунлар "жеңилмес" европа (инглис)әскерлериниң абройын төгип, оларды жеңиў мүмкинлигин дәлийллеген. Ал бул нәрселер ҳиндлерди руҳландырыўынан қорыққан инлислер шегиниўге мәжбүр болған.

Ҳәммеге мәлим түркменниң Жөнейит ханы, сол инглислердиң проекти, оны қарыўландырып Хийўаға қарсы қойған да солар.Сол ўақытлары бизде туркменге қарсы шыққан Ханмақсым деген болған Ол өзиниң отряды менен Тахиаташ түбинде түркмен отрядын жеңген. Ал инглислер Жөнейит ханды Ханмақсымменен келисим дүзиўге көндирген, биргеликте Совет ҳүкиметине қарсы шығыўы ушын. Түркменлер алдын тонап кеткен дунияларын, малларын, алып кеткен қыз-келиншеклерин, қайтарып берип, келисим дүзген. Инглислер тәрепинен жиберилген бесатар винтовкаларды ҳәм әкелип берген. Бирақ, Ханмақсым Шайдаков пенен жеке ушырасқаннан кейин, отряды менен қарыўын тапсырып, ҳукиметке өз ерки менен бағынған ҳәм амнистия алған
Ол киси 1956 жыллары қайтыс болған.

М.Бурханов
126 viewsAlan Normann, 14:45
Ашу / Түсініктеме
2022-05-02 14:19:46 Израиль осуждает комментарии Лаврова о Гитлере и вызывает посла России (by basil10)
Иерусалим, 2 мая (Рейтер) - В понедельник Израиль осудил министра иностранных дел России Сергея Лаврова за предположение о еврейских корнях нацистского лидера Адольфа Гитлера и потребовал от Москвы извинений.

Министерство иностранных дел Израиля Яир Лапид заявил, что российский посол будет вызван для «жесткого разговора» по поводу комментариев, которые Лавров сделал в воскресенье в интервью итальянскому телевидению.

«Это непростительное, скандальное заявление, ужасная историческая ошибка, и мы ожидаем извинений», — сказал Лапид новостному веб-сайту YNet.
Прочитать статью и обсуждение на AfterShock
106 viewsАхмет Бурханов, 11:19
Ашу / Түсініктеме