Get Mystery Box with random crypto!

БУРХАНОВ Телеграм

Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм Б
Telegram арнасының логотипі akhmetburkhanov — БУРХАНОВ Телеграм
Арна мекенжайы: @akhmetburkhanov
Санаттар: Блогтар , Саясат
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 250
Арнадан сипаттама

Геополитика. Война империи за новый миропорядок. Будущее у тех, кто строит новый мир вместе.

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

2

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 12

2022-05-01 23:09:04
Той бергенде арақ қойыў керекпе?

@Karakalpak24
6 viewsАхмет Бурханов, 20:09
Ашу / Түсініктеме
2022-05-01 16:24:59 Хүрметли Группаласлар! Қарақалпақ тилинде ең қызықлы, өткир хәм хақыйқат темалары бар "БУРХАНОВ Телеграм" каналына жазылың. Унаған темаларменен бөлисиң. Каналга, группага адам косыуга жардем етин. Катарымыз оскен сайын кызыклы темаларда кобейеди.
https://t.me/AkhmetBurkhanov
130 viewsАхмет Бурханов, edited  13:24
Ашу / Түсініктеме
2022-05-01 12:27:10
61 viewsAlan Normann, 09:27
Ашу / Түсініктеме
2022-05-01 12:16:34 ИЙД АЛ ФИТР, ОРАЗА БАЙРАМ

Ийд ал-Фитр, яғный қарақалпақша айтқанда Ораза Байрам быйыл календар бойынша 2май 2022ж сәнесине туўра келип тур.
Бул күн мусылманлар ушын өзиниң әҳмийети бойынша Қурбан айттан кейинги Уллы Байрам.
Оразаның туўесилиўи, биз, мусылманларды муқаддес рамазан айында сынап, раббимиздиң жарылқаўына ийе болыў имканиятын бергени ушын Аллаҳ таалаға шукираналар айтып, миннетдарлығымызды билдиретин күн.

Қуяш шығып, горизонттан найза бойы көтерилгеннен кейин мусылманлар мәсжидке жыйналып байрам намазын оқыйды. Байрам намазы еки ракааттан ибарат, тек басында ҳәм соңында уш тәкбир айтылады. Кейин имам хутба оқыйды, соңында Қуръаны Кәрийм тилаўат қылынып таўсылады. Мусылманлар бир-бирин "айтлар мубарек" деп қутлықлайды.
Байрамда, жетим жесирлерге фитр садақалары бериледи, азықлай, ямаса ақшалай. Ҳәр үйлерде ийис шығарылып, байрам дастурханы жайылады, марқумлар есленеди, зыярат қылынады.
Бәрше елимиздиң мусылманларына,
Ораза байрамы мүбәрек болсын!

М.Бурханов
108 viewsAlan Normann, edited  09:16
Ашу / Түсініктеме
2022-04-30 21:53:49 БАҒДОДТА НИМА ГАПЛАР?

Соңғы ўақытларыЖақын Шығыс дуния жүзи политикасында тез-тез, ҳәр түрли келисимлерди басынан өткерген регион сыпатында емес, ал бир-бирименен ҳеш мурасасыз деген мәмлекетлер ортасындағы, избе-из келисимлер регионы сыпатында беккем орын ийеледи.

Алдын Персия буғазының бирқатар араб мәмлекетлери ОАЭ басшылығында Израилменен қатынасты нормалластырыў сиясатын жүргизе баслады.Нәтийжеде Израил менен еки ортада тынышлық келисими дүзилди.ОАЭ ҳәм Израиль ортасында авиақатнаў жолға қойылды.Туркия менен Мыср ортасындағыжақынласыў процесслери әсте ақырынлық пенен жылжымақта 2013 жылғы, Мысрдағы төңкеристен кейин еки ел ортасында ҳешқандай дипломатиялық, политикалық қатнас жоқ еди.

Саудия Арабстаны менен Қатар өз келисим диалогларын таза беттен баслаймыз деп дағазалады.
Соның менен биргеликте Сауд Арабстаны Туркия менен жақынласыў ҳәрекетинде.

Бирақ, бәринен ҳайран қалдыратыны, Сауд Арабстаны менен Иран ортасында тынышлық келиссөзлериниң басланғаны болды.Бул еки мәмлекет региондағы бирнеше конфликтлерде бир-бирине қарама-қарсы тәреп болып қатнасады.Иран МИД ниң ресмий ўәкили Саид Хатибзадениң хабар бериўинше тәреплер Бағдадта 5-раунд келиссөзлерин өткерген, ол позитив ҳәм прогрессив жағдайда өтти, делинген.
Өз нәўбетинде Ирақ Сыртқы Ислер Министрлиги Бағдадта өтип атырған келиссөзлер Иран менен Сауд Арабстаны ортасында дипломатиялық қарым қатнас орнаўына жол ащады деп айтып өтти.2016 жылдан берли дипломатиялық қатнаслар тоқтап қалған еди.

Эр-Рияд ҳәм Теҳран келиссөзлерди өткен жылы баслап еди, бирақ Иран тәрепи себебин айтпай тоқтатып таслады. Вашингтонда Ақ Үйге Байден келгеннен кейин келиссөзлер қайта басланды.Себеби Байден администрациясы Сауд Арабстаны менен араны кескинлестирип алды,ал екинши тәрептен болса Иран менен ядерлық келисиўге қайтыўы нийети бар екенин билдирди.

Немис газетасы Frankfurter Allgemeine
жазыўынша мийрасқор шаҳзада Муҳаммад бин Салман Яман бағытындағы машқалалардан қутылыўға қарар етип,белгили бир сыртқы күшлердиң тәсирин азайтыў мақсетинде Иран менен келисимге келиўге қарар етти

Ал Теҳранға келсек, оған Саудлар менен тынышлық басқа ислерин әмелге асырыў ушын, яки Иранға қарсы блоклардың тәсирин азайтыў ушын зәрүр болды.
Иран президенти Ибраҳим Раиси ҳәм, бул келисим арқалы өзиниң ишки жағдайын беккемлеп алған болар еди.
Улыўма айтқанда бул еки ел келисими Персия буғазындағы бәрше мәмлекетлерге пайдалы келисим болары сөзсиз. Бул келисим Ливан,, Бахрейн, Сирия, Ирақ, Ямандағы келиспеўшиликлер жоқ болыўына жол ашар еди.Перде артында бул келиспейшиликлерди ретлестириў бойынша жумыс алып барылып, тәсир линиялары бөлинип атырған болыўы мүмкин.

Араб газетасы "Аш-шарқ Ал-аўсат" билдириўинде, бул келиссөзлер Россия президентиниң тәсиринде болып атыр, ол ОПЕК ушырасыўларында усы еки елди бир- бирименен диалог жүргизиўге ийтермеледи деп атап өткен.
Туркия, Иран, Сауд Арабстаны келиссөзлери регионды тынышландырып, төтенше шийеленислердиң алдын алады.

М.Бурханов
42 viewsAlan Normann, edited  18:53
Ашу / Түсініктеме
2022-04-30 08:39:28 Чикаго униаерситетиниң политология профессоры Джон Миршаймер (АҚШ)

БАТЫС УКРАИНАНЫ НАТОНЫҢ АВАНГАРДЫНА АЙЛАНДЫРДЫ.

Мениң шығып сөйлеўим еки бөлимнен ибарат болады.
Әўўеле мен, кризистиң келип шығыў себеплерине тоқталып өтемен, кейин оның ақыбетлерин болжаўға ҳәрекет етип көремен.
Кризистиң келип шығыў себеплерин анықлаў жүдә әҳмийетли, ким провокация қылғанлығын, ким айыплы екенин билиўимиз зәрүр.
Бул бойынша еки түрли көзқарас бар: бириншиси кризисти Батыс еллериниң, әсиресе АҚШ ҳәрекетлери келтирип шығарды деген, екиншиси кризисте Россия айыпдар деген көзқараслар бар. Кризистиң келип шығыўына ким айыпдарлығына назар аўдармастан, айыпкер ким болса да жуўап бериўи шәрт екенлигин ҳәммемиз мойынлаймыз.
Украина Қрымнан айрылды, және мениң ойымша Донбасстан ҳәм айырылады. Бул бойынша менде тийкарынан: Украина және қайсы территорияларынан айрылар екен деген саўал қызықтырады.
Украина территорияларынан айрылғаны менен бир қатарда экономикасынан ҳәм айрылмақта, ири қалалары қыйратылып атыр.
Булар әлбетте, дуния жүзи экономикасына өзиниң үлкен негатив тәсирин тийгизеди.

Бул жағдай, АҚШ демократларының гүзги аралық конгресс сайлаўында проблемалар пайда етери сөзсиз. Европа менен ислесиў қыйынласады.
Әсиресе, Америкаға тийкарғы қәўип дөндириўши мәмлекет, Қытай менен ислесиў жүдә қыйын болады.
Украинадағы конфликт Россия менен Қытайдың жақынласыўына алып келеди, ал Шығыс Европа болса, жүдә бир тынышсыз регионға айланыпқалады.
Улыўма алғанда, ситуация катастрофалық көринисте, бундай жағдайға ким әкелди соны түсиниўимиз қажет. АҚШ ҳәм Батыстағы еллердиң айтыўынша бул ситуацияның келип шығыўына орыслар айыплы, алдыменен Путин.
Бул көқарасқа келиспейтуғын адамлар көп, мен ҳәм бул пикирге қосылмайман. Оның себеби айтып өтетуғын болсам, 2006 жылы апрелде НАТО ның Грузия менен Украинаны организацияға қосамыз қәте қарарына, Россия сол гезлери-ақ қарсы шықты Ал, олар, буған дейинги НАТО ның 1999 ж, 2004 ж еки рет шығысқа кеңейгенине индемей қалып еди.
Россия бул бизге экзистенциаль қәўип дөндиреди (туўрыдан-туўры қәўип) деп айтқанына ҳешким қулақ аспады. Сол себепли 2008 ж Грузия менен Россия ортасында конфликт келип шыққан.
Батыс үш нәрсени әмелге асыражақ:
бириншиден, Украинаны НАТОға қосыў;
екиншиден, ЕС ке қосыў ҳәм үшиншиден Украинаны батыстың қолындағы либерал демократиялық мәмлекетке айландырыў. Мине булар Россияның түбинде Батыстың форпостын пайда ететуғынын түсинген орыслар Батысқа бул жағдайға ҳешқашан көнбеслигин түсиндирди.
Биринши аўыр кризис 2014 ж болып өтти онда Украинада мәмлекетлик төңкерис болып, онда Россия тәрепдары Януковичтиң орнына америка тәрепдары ҳүкимет басына әкелинди.Россия әлбетте бул төңкеристи қабыл қыла алмады. Нәтийжеде Севастополди АҚШқа бермеў ушын, Қырымды алып қойды, ҳәм Донбасстағы сепаратистлерди қоллап қуўатлады.
Бирақ, 2021 жылы және бир аўыр кризис жүзеге келди, буның себеби Украинаның ис жузинде НАТО ға ағза болыўында болды.
НАТО 2017 жылдан баслап Украинаны қарыў-жарақ пенен тәмийинлеўге зор бере баслады Украина әскерлерин оқытты. Украина дөгерегинде провокациялар күшейтилди АҚШ стратегик бомбардировщиклери шынығыў ушыўларын көбейтти. Украина да Донбасста дрон қоллана баслады. Британия эсминеци "Defender" Россияның суў территориясы шегарасын турпайы бузып, провокация уйымластырды. Сергей Лавровтың айтқанындай "Россияның төзими шегине жетти."
(даўамы бар)
Орысшадан аўдарған
М. Бурханов
46 viewsAlan Normann, 05:39
Ашу / Түсініктеме
2022-04-29 17:51:11 ТЕНДЕНЦИЯЛАР

Газпромбанктиң вице-президенти, Россияға қарсы урысыў ушын Киевке кетти.
Свердлов областының губернаторы, бандитлер түсинигинше "аўзыңа қарап сөйле, болмаса пушайман боласаң" деп, Орталық идеология ўәкили журналист телебаслаўшы Владимир Соловьевты, қорқытып, оған басым өткергиси келди.

Булардың соңғы тәғдийрлерин гүзетиўге аламыз. Бизге жеке шахслар емес, бизге тенденция қызық болып тур.
Және қанша, Россия элитасының ишинен, бекинип жатқан, украина "тәрепдарлары" шығар екен?

М.Бурханов
158 viewsAlan Normann, edited  14:51
Ашу / Түсініктеме
2022-04-29 17:16:52 САММИТ G20

Индонезия президентиниң бүгин тастыйықлаўынша, Владимир Путин G20 саммитине қатнасыў нийетин билдирген.
Еслетип өтемиз, үлкен жигирмалық саммити быйыл Индонезияның Бали курорт аралында июнь айында болып өтиўи күтилмекте.
Саммитти өткериўши мәмлекет Индонезияға АҚШ ҳәм Британия тәрепинен қарсылық билдирилип, күшли басым өткерилиўине қарамастан, Индонезия ҳүкимети Путинди саммитке мирәт етиўге қарар етти, ҳәтте қосымша қылып, "Россия менен қарым қатнасты буннан былайда раўажландырамыз" деп қосып қойды. Бул кишкене болса да, геополитика майданында Американың жеңилиси болды.
Саммитте Байден ҳаўаменен көрисип жүргенинде, Путин ҳәммениң дыққатын өзине қаратып, халықаралық майданшадан өнимли пайдаланып кетиўи мүмкин.
Бәри бир қанша айтқан менен де саммит Россияның дөгерегинде айланатуғыны бар гәп. Дуния жүзиниң алдында шығып сөйлеў ушын қолай орын, Владимир Путин шансын жибермейди, өзи баратуғын болған соң.

Баспасөзлерден
М. Бурханов
162 viewsAlan Normann, 14:16
Ашу / Түсініктеме
2022-04-29 16:34:21 АҚШ урыс ошақларын көбейтиўге урынбақта

Амекриканың ракеталық эсминец корабли "Ральф Джонсон" Тайвань буғазын кесип өтти. Бул америка әскерий корабллериниң екинши өтиўи, бириншиси феврал айында өткен еди.

Күтилгениндей Қытай ҳүкимети наразылық билдирди, атаў дөгерегиндеги жағдайды шийеленистириў деп баҳалады ҳәм жуўап ретинде, самолетларының Тайвань ПВО зонасында ушыўын көбейтти. Лийкин ,проблема басқа жерде.

Россия өзиниң Украинадағы әскерий операциясын баслағаннан кейин, Тайвань ҳүкимети "Қытай Тайванға бастырып келиўи мумкин" деген гәплерди тарқатып, әскерий шынығыўлар өткерип, резервистлер таярлаў программасын қолға алды.

Қытай тәрепи жуўап берди ҚХАА шығыс командашылығы ўәкили Ши И.
айтыўынша "АҚШтың провокация қылып атырғаны биринши мәрте емес, ол жалған сигналлар Тайвань ғәрезсизлиги тәрепдарларына арналған провокация" Бирақ, бундай сөйлеп шығыўлар бурын ҳәм болған.

Тайбэй әскерий шөлкемлери тәрепинен тарқатылған хабарларда келиўинше, "май июль аралығында өткерилетуғын ҳәр жылғы әскерий шынығыў этапларында, биз украина тәжрийбесин қолланамыз олардың Россия Армиясына қарсы турыў тактикасын уйренемиз"деп айтып өткен.

Адамның дыкқатын тартатуғыны Узақ шығыстағы провокациялы шығыслар, Приднестрдеги жағдайдың кескин шийеленисиўи менен бирдей ўақытта жүз бериўи. Булар Госдеп ҳәм Пентагон басшыларының Киевке қылған сапарынан кейин, дәрҳал жүз берди. Приднестрдеги провокациялар,
Американың "үлкен ойынына" Румынияны қосыў ушын болса, ал Узақ шығыста, бул ойынға Японияның қосылғанын көремиз. Ол теңиз әскерий оқыў шынығыўларын баслап жиберди, ал Сеул болса Токио менен жақынласыў керек деген пикирди алдыға сүрмекте.
Лавров өзиниң Гутеррешпенен ушырасыўында"Евро-Атлантика регионында кризис басланайын деп тур" деп бийкар ескерткен жоқ.

АҚШ Қытайдың батыс тәрепиндеги Синцзян уйғыр, Тибет автономиялы районларында да урыс отын жақпақшы болып урынып атыр. Пакистанда мемлекет төңкериси қылып үлгерди. Енди Аўғанстанды түрткилеп атыр.

Москва АҚШтың бул провокацияларына өз баҳасын берди, Вашингтонның Қытайға жиберип атырған бул сигналларын "жар жағасынан жүриў" деп атады.

Дунияның белгили регионларындағы шийеленисиўлеринен тәшўишленген Москва ҳәм Пекин бурынғыдан да активрек жақынласа баслады. Енди еки елдиң ғана емес үшинши елдиң , КХДРның актив қосылыўы күтилмекте.Пекин-Пхеньян-Москва үшлигинде ҳәзирше Москва көбирек, қоллап-қуўатлаўшы сыпатында тур, ҳәм де украинадағы әскерий операциясының Пекин тәрепинен түсинилип, қоллап-қуўатланыўына ерисип отыр.
Горизонтта үлкен ўақыялар, тез шаққан шешимлер талап етилиўи күтилмекте.
Вашингтонды реал геополитикаға қайтарыў үмити, барған сайын сөнип бармақта.

Баспасөзлерден
М.Бурханов
172 viewsAlan Normann, 13:34
Ашу / Түсініктеме
2022-04-29 14:31:32 ИЙИЛГЕН БАС

Туркия президенти Режеп Тайип Эрдоган еки күнлик визит пенен Сауд Аравиясына барды. Оның буннан алдыңғы визити 2017 жылы июль айында болған еди. Онда ол Жидда шәҳринде король менен ҳәм мийрасқор шаҳзада Муҳаммад бен Салман менен ушырасқан еди.

Кейин Анкара менен Эр-рияд ортасынан "қара пышық" жуўырып өтип, келиспеўшиликлер пайда болды.Эрдоган 2018 жылы октябрде өлтирилген Хашогги ўақыясына араласып қалды. Сауд Аравиясы журналисти Хашогги аты дунияға мәлим болыўы, оның Усама бен Ладеннен алған интервьюи себеп болды.Усама бен Ладен оны Аўғанстанға өзи шақырып алған.
The Washington Post газетасы оны мақтап "Саудлар ҳүкиметиниң, мийрасқор шаҳзаданың көрнекли критиги, бирақ артынан Британия разведкасының қулағы көринип тур" жазған еди ўақтында. Эрдоган ол ўақлары американың версиясын қоллап қуўатлап, Хашогги мийрасқор принцтиң тикелей көрсетпеси бойынша өлтирилди деп, принцтиң абройын түсириўге ат салысты. Туркия баспасөзи де бул версияны айландырып, халыққа жәриялады.
Пүткил дуния бул ўақыядан Туркия қойған жасырын камералар арқалы хабар тапты. Солай етип Бен Салманның абройыны зыян келтирилди, себеби Эрдоган усы ўақыядан пайдаланып шаҳзаданы тахттан шетлетпекши болды. Яғный Эрдоган, Саудлар короллиги семьясының ислерине араласпақшы болды. Бирақ ол қатты алжасты, ҳийлеси өтпей қалды.

Бен Салман ҳүкимет басында қалды.
Эр-Рияд Анкараны қатардағы ўақыяны дунияға жайғанлықта, политикаластырыўда айыплап, турк товарларына бойкот жәриялады. Нәтийжеде Туркия Сауд Арабстанынв экспорт бойыша 2019 жылғы 11 орыннан 2020 жылы 58 орынға түсип кетти.
Буннан басқа еки ел арасында геополитикалық қарама-қарсылықларда күшейе баслады. Булар екеўин де региональ лидерликке талас бар еди бурыннан, алдынлары Сирия,Ливия, Мыср мәмлекетлери үстинеде болса, енди Туркия экспансиясын күшейтип, Буғаз еллерине көз алайтырып баслады Қатар менен келисим дузип, оған турк оған товарларын жибериў менен биргеликте, турк әскерлерин де орналастырды.

Бирақ Эрдоганның жаўынгерлик .сиясатын даўам еттирииўге Туркия экономикасының күши жетпей қалды Лира төмен таслады, сыртқы политик тәўекелшилик, өзин ақламады, Украина, Иран, соңғы Европадағы өзгерислер сезилерли шығынларға алып келди. Алдын Туркия сыртқы ислер министри Чавушоглу белги берип, "Биз шаҳзаданы Анкарада күтемиз" дегендей еди.

Бирақ жуўмағында Эрдоган өзи бас ийип Эр-Риядқа барыўға мәжбүр болды, себеби оған қарежет ҳәм Саудия базары керек. Соның ушын ол: "Бул визит Саудия ҳәм Туркия ортасында қатнасықлардың жаңаша периодына баслама береди"деп атап өтти.
Енди тек, мийрасқор принц кешире ала ма екен.

Баспасөзлерден
М.Бурханов
58 viewsAlan Normann, edited  11:31
Ашу / Түсініктеме