Get Mystery Box with random crypto!

ЕКИ ДОС ҲИКАЯСЫ Ески заманларда медресе талабаларының арасы | БУРХАНОВ Телеграм

ЕКИ ДОС ҲИКАЯСЫ

Ески заманларда медресе талабаларының арасында ҳәр түрли ойынлар болған екен.Мысалы хаттатлыққа оқып атырған талабалар жасырын хат дүзиў бойынша, ҳәр бир ҳәрипке мәни берип жумбақ хатлар дүзиледи, ҳәм сол хатты дурыс оқыў бойынша қызықарлы шуғылланыўлар өткерер екен. Солай етип, зеригерли оқыў ўақтын безеп, кеўиллерин көтериседи.Бунда олар Қуръаны Кәрийм сүрелеринен пайдаланады, ким сүрелерди яд билсе сол талаба жумбақ хатты аңсат оқый алады. Бул хаттатлыққа оқып атырған талабалар арасында Маҳмуд ҳәм Ҳамийд деген, еки дос ҳәм бар екен.
Оқыў мерзими питип, талабалар өз журтларына қайтып, тарқасыпты. Еки дос ҳәм хошласып өз еллерине қайтыпты. Арадан жыллар өтип,тәғдир тақазасы менен екеўи еки патшаның хаттаты болып сарайға жумысқа алыныпты. Маҳмуд Ҳират патшасының сарайында, ал Ҳамийд болса, Балҳта ҳаттат болыпты. Күнлерден бир күн еки патша ортасында келиспеўшилик келип шығыпты: Ҳират патшасылығында қолға түскен бир топар питнешилердиң жанынан табылған хат Балҳ патшасының хаттаты тәрепинен жазылған, деп табылып, питнеде Балҳ патшасының қолы бар деп гүмән қылыныпты. Патша Маҳмуд ҳаттатын шақырып, Балҳ патшасына хат жаз, ҳаттатын дарға ассын, болмаса өзи айыпдар болады, депти. Сөз өзиниң досы Ҳамийд ҳаққында баратырғанын түсинген Маҳмуд ойланып, хатты жазып болғаннан кейин сыртына билинер билинбес белги қойып хатты
жөнетипти.Хират патшасынан келген хатты оқытыў ушын Балҳ патшасы Ҳамийдти шақырыпты. Хамийд хатты қолына алып турып, ишин ашпастан ,
мурын услап "мурным қанап кетти" деп сыртқа шығып кетипти.Сарайдағылар әри -бери-күтип, сыртқа адам жиберсе, ҳаттат атына минип кетип қалды, депти сарай нөкерлери.Патша ҳайран болып, хатты ашып, өзлери оқыса хатта хаттатты дарға асың, деп жазылған екен..Одан бурынғыдан бетер ҳайран қалыпты. Сөйтип жуўап хат жиберипти хаттат қашып кетти, излеп атырмыз, тапсақ, әлбетте дарға асамыз деген мазмунда.
Арадан бираз ўақыт өтип, Ҳират патшасының ҳәм ашыўы қайтып, қатынасықлар изге түсип кетипти. Балх патшасы ҳәм жан жаққа адам жиберип "хаттат қорықпай келе берсин, ҳешқандай жаза берилмейди, қәтер артта қалды" депти. Хаттат Ҳамийд жасырынып жатқан жеринен шығып сарайға келипти. Патша оннан хаттың мазмунын қалай билдиң деп сорапты.
Сонда Ҳамийд:
- Ҳират сарайының хаттаты мениң досым, сол досымның қойған белгисинен билдим,- деп жасырын хат дүзиў сырларынан бир сырын айтып берипти, - хаттың сыртына үш жерге "м"
ҳәриби қойылған еди: мәйит өлим дегени және "м" сыртмаққа уқсайды бул дар дегени, үш рет қойылғаны маған тийисли екенине ишара еди...

М.Бурханов