Get Mystery Box with random crypto!

9 МАЙ ЖЕҢИС КҮНИНЕ 1945 жылы Советлер Аўқамы фашистлик Герман | БУРХАНОВ Телеграм

9 МАЙ ЖЕҢИС КҮНИНЕ

1945 жылы Советлер Аўқамы фашистлик Германияны қыйратып, тарийхий уллы жеңиске еристи.
Соны айтып өтиўимиз керек бул урыста
пүткил Европа СССРға қарсы урысты, чехословакия техникалары ҳәм дивизиялары, Румыния нефти ҳәм дивизиялары, Италия Германияның аўқамласы болды. Англиядан басқасының бәри ҳәртүрли дәрежеде урысқа Германия тәрепинде қатынасты.

Бирақ, бул жеңис Британияның әсирлер даўамында иске асырмақшы болып киятырған дуния жүзилик үстинликке ийе болыў проектин тоқтата алмады. Олар ушын, фашистлер тек ғана олардың бул проектин әмелге асырыўшы қуралы еди. Америка сионист банкирлери менен Британия разведкасына сүйенген, "тереңде жатқан дуния ҳүкимети" (журналистлер солай атайды) яғный, қалталы магнатлар еле өз дуния үстемлигин орнатыў нийетинен қайтқан жоқ. Қайта енди, бурынғыдан бетер таярланып, узақтан баслады. Олар енди дуния мәдениятының тийкарғы, гуманистлик өзегин жоқ етип, адамларды қайта тәрбиялап, адам аңын ийелеўди жолға қойды. Рок, секс, наркотиклер, мине енди ЛГБТ сол мақсетлерге хызмет етеди.

Техник прогресс (телефон, соцсетлер, "ақыллы" техника ҳәм т. б.) пайда болғаннан кейин адамзат үстинен тоталь контроль орнатыў жүдә аңсатласып кетти. Буны коронавирус пандемиясын жиберип, сыннан өткерип алғанының гүўасы ҳәм болдық.
Россия Украинадағы, олар таярлап отырған, гезектеги фашистлерине соққы бергеннен кейин, олар енди өзлериниң жаўыз нийетлерин жасырып, жақсы көринип отырыўды ҳәм лазым таппады. Украина фашистлерине ашықтан ашық жәрдем бериўге өтти. Бул жерде олар өзлериниң информациялық үстемлигинен утымлы пайдаланып, дунияны фейклерге "көмип" таслады. Олар ушын бул ҳәм эксперимент: қаншелли адамлар аңы бузылғанын билиў ушын.

Соның ушын да бул шайқас узаққа созылары анық. Оның басланыўын болса, сол 1905 жылдардағы биринши Рус революциясынан, ямаса оннан ҳәм көп алдын, Азиядағы инглис-орыс қарама қарсылықларынан қыдырыў керек. Сол ўақытлардан бери Англия Россияны жоқ етиўди мақсет еткен, себеп, оның глобаль үстинлиги проектине қарсы шыға алатын бирден бир күш бул Россия.

Негизинен алғанда бул нур менен қараңғылық айқасы, Аллаҳ таала жолы менен шайтаныйлық айқасы.
Либерализм,Фашизм, Нацизмлер артында олардың тиреги сатанизм тур Тегинен емес, АҚШ та концертлерде шайтанға сыйыныў ритуаллары өткерилип атырғаны.

Инсаният, Нур менен Қараңғылық, Азатлық пенен Қуллық, Жақсылық пенен Жаманлық, Аллаҳ жолы менен Шайтаный жолы арасындағы таңлаў ушын шешиўши айқасқа жақын турыпты Айқас шегарасы,тек ғана географик шегараларда емес, ал ҳәр бир инсан ишинде жүрек пенен нәпси арасындағы шегараларда өтетини белгили.

М. Бурханов