Get Mystery Box with random crypto!

АРҚА ИРЛАНДИЯ ҒӘРЕЗСИЗЛИГИ Бурынғы уллы Британияның бөлиниўи | БУРХАНОВ Телеграм

АРҚА ИРЛАНДИЯ ҒӘРЕЗСИЗЛИГИ

Бурынғы уллы Британияның бөлиниўи Борис Джонсонның басқарыў дәўирине туўра келиўи мүмкин.
Арқа Ирландияда болып өткен сайлаўда, бириккен Ирландия тәрепдарлары тарийхий жеңиске ерисиў алдында тур.

Шинн Фейн партиясы, Қурама Короллықтың регионы - Арқа Ирландия сайлаўында биринши орынға даўагер болып тур, бул партия арқа ирландия менен қубла ирландияны бирлестириў тәрепдары. Бул жөнинде Британия баспасөзи ҳайран қалып жазып атыр.

Арқа Ирландия националистлер партиясының властқа келиўи, Короллықтың бирден бөлинип кетиўин аңлатпайды, бирақ бул вариант талқыланыў категориясына өтери анық. Еле даўыслардың соңғы санағының результаты шықпаған болса да (4 майда болып өткен сайлаў жуўмағы 6 май, шемби күни азанда дағазаланады) Шинн Фейн өзиниң жеңисин анық деп биледи.
Шинн Фейнниң бул жеңиси, протестант жасы үлкен адамлардың саны азайып, католик ирланд жасларының көбейгенинен де дерек береди.

Бул сайлаў нәтийжесине Вrexit тәсири де бар. Ўақтында Борис Джонсон Арқа Ирландия Протоколына келисимин берип, қол қойған еди. Бул Протокол - тийкарынан Арқа Ирландияның Еврорынок зонасында қалыўын тәмийнлеп, саўда айланысы тәртибин белгилеўши ҳужжет.

Шинн Фейн - тарийхий сепаратистлик
Ирландия республика армиясы (ИРА) шөлкеми менен байланыслы партия. ИРА онлаған жыллар даўамында зорлық жолын қоллап, террор ҳәрекетлери менен шуғылланғаны мәлим. Бирақ 1998 жылы Страстная пятница келисимине қол қойылғаннан кейин, партия өзине тынышлық жол менен жумысын алып барыў мәжбүриятын алып,Арқа Ирландия ҳүкиметин политикалық бөлисип басқарыў ҳуқықына еристи. Ҳүкимет юнионистлер ўәкиллери менен бөлисип басқарылады. Юнионистлер, Короллықтан көшип өткен протестантлар әўладлары, олар Қурама Короллық тәрепдарлары, ҳәмде биринши министр олардың ўәкили болады. Шинн Фейн 2007 жылдан берли екинши рольде киятыр еди. Бирақ енди оның сайлаўдағы жеңиси, оған биринши министр орнын береди. Бул Арқа Ирландия ушын тарийхий ўақыя.

Орысшадан аўдарған
М. Бурханов