Get Mystery Box with random crypto!

ЯПОНИЯ ГЕОПОЛИТИКАДА 'Ертеңги күни, шығыс Азия Украинаға айла | БУРХАНОВ Телеграм

ЯПОНИЯ ГЕОПОЛИТИКАДА

"Ертеңги күни, шығыс Азия Украинаға айланыўы мүмкин"
Күтилмеген, бул япон дипломатиясына тән емес, кескин сөзлерди жаңа премьер Ф. Кисида өзиниң Уллыбританияға қылған сапарында айтты.Бунда символизм бар.
Жақынларға дейин геополитика илим ретинде конспирологларға тийисли еди, енди ҳеш сыр қалмады.

Лондон менен Токио булар ески, бир ўақлары қудиретли болған, колонияларға ийе империялардың пайтахтлары. Олардың "қудирети" ҳеш жаққа кетпеген, ал конфликт эскалациясы күшейген сайын,
әййемги қудирет,ҳәм оның қарама-қарсылықтағы "шешиўши роли" айқынласып, көринип киятырғандай.
Әпиўайыластырып айтқанда, Лондон Москваның экзистенциаль душпаны, ал Токио болса, Азиядағы өзиниң хожайынлығында бәрҳә Пекинди төмен түсирип келген.

Әлбетте Токионың Россияға да Куриль араллары бойынша претензиялары бар, бирақ оны ең алдыменен Тайвань мәселеси оны қәўетерлендиреди. Англосакслардың жан жақты менен Украинаны қорғаўға умтылыўы тек АҚШ демократиялық партиясы менен Киев режими ушын емес, ал, англосакслар жаратып атырған, глобаль дуния дузилимине қәўип дөнгени ушын. Қытайдың раўажланыўы ҳәм амбициялары ҳәм англосакслар дүзип атырған дуния дүзилисине қәўип салады.
Әскерий политикалық тәрептен алып қарасақ бул, аралдағы Қытай менен континентал Қытайдың бирлесиўи.Бул Қытайдың стратегиялық мақсети.

Сол себепли, "дуния элитасы" ушын Украина конфликти бул глобаль дәрежедеги әҳмийетке ийе. "Украина бойынша Японияның "шешиўши кескин позициясы" тайваньда тынышлық болыўына өз себин тийгизеди.
Бул болса өз гезегинде дуния жәмийетшилиги тынышлығының фундаменталь факторы болып есапланады" деп жазады Британия басылымы Financial Times.

"Япония ресмий шахслары," -деп жазады Financial Times, - өзлериниң жеке сөйлесиўлеринде Джо Байденниң "Украина конфликтине тикелей араласпаймыз"деп айтқанын Си Цзиньпин, Тайвань конфликтине де АҚШ араласпайды деп түсиниўи мүмкин, деп қәўетерлерин бөлискен"

Британия премьер министри Борис Джонсон Европа қәўипсизлиги, Азия ҳәм Тыныш океаны регионы қәўипсизлиги менен тикелей байланыслы деп атап өтти.

Солай етип биз, Лондон менен Токио орынлаўында "жокарғы геополитика материясының" гүўасы болып турмыз.
Шешиўши қарарларды қабыл етиўши еки центр қайта жанланып атыр ма? Классика.

"Financial Times"
материалларынан.