Get Mystery Box with random crypto!

ЕВРЕЙЛЕР ҲАҚҚЫНДА ЕКИ АЎЫЗ СӨЗ. Россия сыртқы ислер минист | БУРХАНОВ Телеграм

ЕВРЕЙЛЕР ҲАҚҚЫНДА ЕКИ АЎЫЗ СӨЗ.

Россия сыртқы ислер министри Сергей Лавров өзиниң шығып сөйлеўлериниң биринде "Адольф Гитлердиң ҳәм еврейлерден келип шыққанлығы ҳаққындағы пикирди билдирип өткен еди.

Буны еситкен Израиль басшылары Россия елшисин шақырып алып, Лавровтан кеширим сораўын талап етти. Усы ўақытқа шекем Украина нацистлерин "көрмей," оларға ашықтан ашық жәрдем берип отырған еврейлер неге шоршынып, жудә қутырып кетти?
Сондай -ақ еврейлердиң ары фашизм алдында таза ма? Не ушын Украина фашистлерине жәрдемге спецназын жиберип отыр? Украина нацистлериниң свастикаларын көрмей, билмей отыр ма?

Усы саўалларға тарийх бетлеринен жуўап излеп көрсек. Тарихий ҳүжжетлерде Гестапоның Варшава бөлиминиң уйымластырған геттосындағы бай еврейлер ҳаққында сөз барады. Өзи зорға күнелтип отырған геттода, қаяқтан пайда болған байлар, деп ойлаўыңыз мүмкин.
Бирақ! Кимгедүр урыс қыйыншылық , кимлергедүр майлы палаў дегенлериндей, барлық жерде де жоқарыға арсыз, принципсиз адамлар шығады. Ҳәттеки, еврейлер геттосында ҳәм! Израиль еврейлерге қанша, шаң жуқтырғысы келмесин бул ащы ҳақыйқат.
Бизиң бул патасланған дуниямызда, биринши орынға "иплас паразитлер" шығып алды, - деп жазған күнделигине муғаллим Абрам Левин.

Владислав Шпильман өзиниң "Пианист" деген китабында геттоның центриндеги кафе ҳаққында былай деп жазады:"Алтын, бриллиантқа малынған байлар келетин еди,аўқатқа толы столлар дөгерегинде, усы әскерий спекулянтларға, шампан виносын ишип, ернин бояп алған жеңилтек ҳаяллар өз хызметин усынар еди"

Көплеген зыялы еврейлер, Ноэми Шац-Вайнкранц, В Шпильман, Мириам Ваттенберг ҳәм басқалар гүўасы болған бундай ўақыяларын еслеп жазып қалдырған. "Геттоның "элитасы" болған еврейлер Сенный көшесиндеги "киши геттода" туратын еди. Олар ол жерде ҳеш нәрседен кемшилик көрмей, урыс болмай атырғандай болып бай жасады."
деп гүўалық берип өткен.

Ол "элита" контрабандистлернен, әскерий коммерсантлардан,фашистлерге хызмет етиўши кәрханалар ийелеринен, юденраттың жоқарғы лаўазымдағы әмелдарларынан, Гестапо агентлеринен ибарат еди. Олар жан тәнименен үшинши Рейхке хызмет қылар еди. Геттоның ишинде ҳәм, сыртында ҳәм.

Киши геттода урыс болыўына қарамай ҳәр түрли ойын-заўық, түнги клублары, борделлер, карта ойын клублары, казинолар ислеп турған.

Көзди камастырар бул байлықлар, бузық айш-ишратлар дөгерек әтираптағы әпиўайы аш-жалаңаш көпшилик еврейлердиң көз алдында болып турған.Бәри еврейлер, биреўлери байлықта, ал енди биреўлери ашлықта өмир сүрген.
Ҳәзирги Израил басшылары да аталары Гитлерге хызмет қылғанындай Украина неофашистлерине хызмет көрсетпекши ме? Бәлким ендиги геттоның төринен орын алыўға урынып атырғаны шығар. Оларда принцип жоқ қой. Холокосттың ҳәм өтириги шығайын деп тур ма?

М.Бурханов