Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын ЦРУ директоры жасырынша Сауд Аравиясына барды? Wall S | БУРХАНОВ Телеграм

Не ушын ЦРУ директоры жасырынша Сауд Аравиясына барды?

Wall Street Journal басылымының хабар бериўинше, ЦРУ директоры Уильям Бернс, апрель айында жасырын визит пенен Сауд Арабстанында болды. Ол мийрасқор щаҳзада Муҳаммад бен Салман менен ушырасты. Еки ел арасындағы байланыс кризисине шек қойыў ушын, болған бул ушырасыў, теңиз бойындағы Жидда қаласында болып өтти. Бул жерде, Саудлар басшылығы муқәддес Рамазан айының көбисин өткерер еди. Басылымның болжаўынша, талқыланыўы тийис болған мәселелер, нефть өндириў,, Россияның Украинадағы спецоперациясы, Иран ядерлық программасы,ҳәм Ямандағы конфликтлер болған.

Бирақ, ең баслысы, деп атап өтеди басылым, Бернстиң алдындағы ўазыйпа, ҳәзирги жағдайда шийеленисип баратырған, Саудлар менен АҚШтың қатынасығының бурынғыдай болып тиклениўи мәселелерин шешиў еди.
Украина кризиси басланған ўақытта АҚШ Эр-Риядтан нефть өндириўди асырып, дуния рыногинде, оның баҳасын түсириўди талап етти, мақсет, Россияның Украина операциясын финанспенен тәмийинлеў мүмкиншилигин жоққа шығарыў еди.
Болмады. Сауд королығы американың бул "өтинишине" қулақ аспады. Ол ҳәм басқа да ОПЕК ағзалары, ОПЕК + ағзалары өзлери қабыл қылған квота бойынша нефть өндириўди даўам етти.

Ақ үй февраль айының басынан баслап, шаҳзада менен Байденниң ортасында телефон байланысын шөлкемлестириў үстинде жумыс алып барды.Бирақ соңғы моментте Сауд Арабстаны сөйлесиўден бас тартты, ҳәм сол ўақыттың өзинде, шахзада Россия президенти Владимир Путин менен сөйлесип, Эр-Рияд пенен Москва ортасындағы келисим сақланыўы тәрепдары екенин тастыйықлады.

Булардан бурын пентагон басшысы Ллойд Остинниң ҳәм визити болғанлығын айтып өтиўимиз керек. Бирақ араб баспасөзлериниң айтыўынша тап сол ўақытлары Эр-Рияд Москваның "жоқарғы лаўазымдағы политиклериниң бирин" қабыллап атыр еди. Бул нәрсе кейиншелик америка экспертлериниң бен Салман сыртқы политиканың агрессив жолын таңлады, ҳәм де Россия, Қытай менен байналысты беккемлеўге қарады деп, жуўмақ шығарыўына себеп болды.

Ал ҳәзир болса бирқанша Израиль басылымларының айтыўынша, Бернс мийрасқор шахзада менен президент Байденниң (июнь айының соңына режелестирилген) Жақын Шығысқа қылар визити даўамында Сауд Арабстанына келиўи мүмкиншилиги үстинде сөйлеспекте.Себеби, шахзаданың Израильда болып өтетин регионал лидерлериниң Байденменен ушырасыўына барыўы қыйын. Еслетип өтемиз Израиль март айында АҚШ мәмлекетлик секретары ҳәм ОАЭ, Марокко, Бахрейн сыртқы ислер министрлери қатынасқан саммитти қабыллаған еди.

ЦРУ әдетте дәстүр бойынша, өз директорының шет ел лидерлери менен, кәсиплеслери менен өткерген келиссөзлерин комментарий қылмайды. Бернс Байденниң инициативасы менен Жиддаға келди, президент Байден Сауд Арабстаны басшылары менен жаңадан ушыраспақшы, талқыналатын темалары сол белгили, Теҳран ядерлық программасы мәселесин қосыўы мүмкин.

ЦРУдиң ҳәзирги директоры Уильям Бернс, 2015 жылы болып өткен, Иран ядерлық программасын шеклеў бойынша өткерилген келиссөзлерге қатынасқан дипломатлардың бири еди. Бул келиссөзлер жуўмағында "Иран ядерлық программасын шеклеў бойынша" халықаралық келисимге қол қойылды.

Бул ушырасыўда разведка мәселелери ҳәм додаланған болыўы мүмкин.Бирақ Америка арнаўлы хызметлери ҳәм ҳеш ресмий мәлимлеме менен шықпады. Саўдиялылар ҳәм тым-тырыс.
Бул Америка ушын қәўетерли белги.

Орысшадан аўдарған
М.Бурханов