Get Mystery Box with random crypto!

Қытай халық азатлық Армиясының Миллий университетиниң жаңалықл | БУРХАНОВ Телеграм

Қытай халық азатлық Армиясының
Миллий университетиниң жаңалықлар информациялық порталы China Military
бугин "Буча инциденти бойынша бес гүман" деген мақаласын жәриялады.

Усы мақаладан қысқаша, үзинди дыққатыңызға усынамыз:

1. Сәнелердиң туўры келмеўи:

Бучадан Россия әскерлери 30 март күни-ақ шығарылған. Ал фото, видеолар арадан 4 күн өткеннен кейин пайда болған. 31 мартта түсирилген роликте Буча қаласы мэри Анатолий Федорчук ҳәм нацгвардия видео роликлеринде ҳешқандай өликлер ҳаққында сөз жоқ.

2. Инциденттиң логикасы жоқлығы.

Россия операциясының басланыўында, "тыныш Украин халқының өмирин сақлаў бойынша" Путин буйрық берген еди. Россия солдатларының тыныш адамларды қурыдан-қуры өлтириўге, өзин жаман атлы қылыўға ҳешбир себеп жоқ. Ҳәттеки өлтирген жағдайда да өликлерин жоқ етиўге олардың ўақты жетерли болды. Олардың өликлерди жоқ етпей украинларға "провокация ушын таслап" кетиўи ҳеш логикаға туўры келмейди

3. Гүўалардың сәйкес емеслиги

Интернет Киевте ислеп турған, егер массалық адам өлтириўлер болғанда жергиликли халық интернеттен пайдаланып сол заматта-ақ интернетке тарқатар еди.Бирақ ондай болмады. Оннан да бетери Maxar Technologies спутник тәсўирлерине исенетин болсақ, көпшилик мүрделер Буча көшелеринде кеминде үш ҳәпте жатқан. Усы ўақыт аралығында мүрделерди ҳешким көрмеўи мүмкин емес.

4. Мүрделердиң өлген ўақтының сәйкес келмеўи

"Мүрделер" видеода қатып қалған , бузылып баслаған белгилери жоқ, адамлар ҳәзир ғана өлтирилгендей болып жатыр. Және бирқанша "мүрделерде" қанның ҳәм изи жоқ ҳәттеки биреўлери қыймылдап атыр.
Булардың бәри, Россия Сыртқы ислер , Қорғаныс министрликлериниң версиясы дурыс екенин тастыйықлайды. Жоқарғы Раданың экс-депутаты Илья Киви айтқанындай буны уйымластырған текУкраина емес, ал МИ--6, Британия.

5. Батыстың тергеў, тексериў ислеринен бас тартыўы.

Инциденттиң изин ала Россия БМШ Қәўипсизлик Кеңесин экстрен түрде шақырылыўын талап етти. Бирақ бул талапты Британия қабыл қылдыртпады.Бул сыртқы логикаға туўры келмесе де, Россияның БМШ ниң инсан ҳуқықлары Кеңесине қатнасын тоқтатып турыў бойынша қарарға жеткиликли болды.

"Бучадағы инцидент тексерилмеген, солай екен, ғәрезсиз тексерилип анықланбағанша, Батыс бул жөнинде аўыз ашпағаны мақул" Чжан Цзюнь ҚХР сының БМШ турақлы ўәкили.
М.Бурханов