Get Mystery Box with random crypto!

#әҳмийетли #мағлыўмат ҚӘБИРЛЕРДИ ЗЫЯРАТЛАЎДАҒЫ БИДЪАТ И | Paziyletuz | Рәсмий канал

#әҳмийетли #мағлыўмат

ҚӘБИРЛЕРДИ ЗЫЯРАТЛАЎДАҒЫ БИДЪАТ ИСЛЕР, ( ШЕЛПЕК, ИЙИС ШЫҒАРЫЎ)

   Қәбирстанға ҳәр түрли динимиз қайтарған ислерди ислеў ушын базы затларды алып барыў, қәбирстанға барарда ҳәм пийшемби күни марҳумға атап ийис шығарыў (базы үйлерде жаман түс көрип шықса азанда ийис шығарып, оны жети үйге тарқатыў) шелпек, жайман, нан, баўырсақ писирип, (писириўдеги ырымларды ислеп) оны басқа нан, баўырсақ яки шелпек пенен алмастырып алып келип оны "теберик" деп жеўи, қәбир үстине гүл ҳәм соған уқсаған ҳәр түрли нәрселерди қойыў, бәлент даўыс шығарып жылаў, күлиў, сөйлесиў, мақбаралардың ишине кирип намаз оқыў, қәбир тасы ҳәм темирлерди сүйиў, қәбир қасында шам, от жағыў ҳәм ол жердеги тереклерге орамал ҳәм шүбереклер байлаў, майда тасларды дизип кетиўи қәбирстанға барып жанлық сойыў киби ислер мәкруҳи таҳримий, яғный ҳарамға жақын ислер. Аллаҳ таала ҳәм Расули саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтарған ислерден узақта болыў керек. Бундай ислердиң қәбирдегилерге ҳеш қандай пайдасы жоқ. Оның орнына бир аят оқып болса да, саўабын қәбирдегилерге бағышлаў керек.

https://t.me/paziyletuz