Get Mystery Box with random crypto!

#сораў_жуўап Қәбирстанға қай тәризде барылса жақсы?    Дүнь | Paziyletuz | Рәсмий канал

#сораў_жуўап

Қәбирстанға қай тәризде барылса жақсы?

   Дүньялық сөзлерди сөйлемей, күлмей, тасбиҳ ҳәм таҳлил айтып, мәйитке Аллаҳтан мағфират тилеп барылса жақсы.

Қәбирстанда қай тәризде жүриледи?

  Тап тирилердиң арасында жүргендей кишипейиллик ҳәм әдеп пенен, ҳеш бир қәбирди баспай, өзи де ўақты келип олардай қәбирстанға келип жерленетуғынын, ол жерде болатуғын сораў ҳәм есапларды, қыямет күнин, жәннет ҳәм дозақты есине алып, терең ой жүритеди. «Аллаҳым, усы мәйитлерге рейим ет ҳәм гүналарын әпиў ет, мен әззи бендеге таўфиқ ҳәм ҳидаят берип, жақсы әмеллер қылыўды несип ет. Ҳәмме гүналарымды кешир», деп кеўлин жумсартып, көп дуўалар қылыўға қатты ҳәрекет етеди.

Қәбирлер қасына барып жеткеннен соң не қылынады?

   «Әссәәләму аләйкум йәә әҳләд дийәәри роҳималлооҳул мустақдимийнә миннәә ўәл мутә-әххирийна миңкум. Әңтум ләнәә сәләфун ўә наҳну ләкум холәфун ўә иннәә иншәә Аллооҳу бикум лааҳиқуўн нәс-әлуллооҳә ләнәә ўә ләкум аафияҳ».

Мәниси: «Ҳәй қәбирстан әҳли, сизлерге Аллаҳ тааланың сәлеми болсын, Аллаҳ таала дүньядан әўел кеткен сизлерге, кейинде қалған бизлерге рейим қылғай. Сизлер бизлерден алдынғы адамларсыз, бизлер соң қалған адамлармыз, әлбетте,  бизлер де сизлерге жолығамыз. Аллаҳ тааладан өзлеримиз ҳәм сизлер ушын саламатлық ҳәм тынышлық тилеп қаламыз».

Қәбирстанға бармастан үйде ямаса мешитте оқып бағышланған Қуранның саўабы оларға жете ме?

Әлбетте, жетеди.


"Ибадати Исламия" китабынан.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz