Get Mystery Box with random crypto!

Адамның қәлеўлериниң тарихилығы туўралы. Инстаграмда сағатла | Tilepov's Channel

Адамның қәлеўлериниң тарихилығы туўралы.

Инстаграмда сағатлап отырып қаласаңба? Бул таза аўырыўдай көрингени менен буның тыйкарғы жүда аййемги даўирлерге барып тахалады. Жүз мың жыллар алдында адамлар статус болыўын қәлеген. Себеби статус, хүрмет сизди аш қалдырмайды. Яғный, қыйыншылықтағы халықтан көре лаўазымлы яки патша нәзериндеги адамлар жақсылаў жасаған.

Кока-кола яки фаст-фудларды жақсы көресиз хәм көп жеп қойасызба? Буның да тыйкарғы себеби Саваннада жасаған ата-бабаларымызға барып тақалады. Олар ушын мазалы тағамлар шеңде-шең болған хәм бар ойы тек жемтик болып қалмаў яки аш болып өлип кетпеўде болған. Аш өлип кетпеў ушын ең жақсы техника илажы барынша көплеў жеў болған. Яғный, сиз жегенлериңиздиң бир бөлегин май көринисинде жыйнап жүресиз.

Мийнет аз ислегиңиз келема? Булда тарихий қәлеў. Алдынлары адамлар өзлерин қаўипсизликте сезсе илажы барынша енергияны тежеўге хәрекет еткен. Ериншеклик хәммеде тең муғдарда болады - Илон Масктада, сенде да.

Сизиң денеңиз еле бурыңғы қәлеўлер менен жасайды хәм ол раўажланбаған. Денеңиздиң мийи жоқ, ол химиялық қумшекер, фаст-фудларды танымайды. Ол еле қатты, узақ даўам етиўши ашлықтағы суўықларға тайарланып жүревереди.

@tilepov_channel