Get Mystery Box with random crypto!

Stative Verbs Көпшилик таслап кететин грамматик тема. Фейллер | Tilepov's Channel

Stative Verbs

Көпшилик таслап кететин грамматик тема. Фейллер еки түрли болады : stative яки action.

Action - бул хәрекет. Acting - хәрекетлениў. Егер фейл көзге көринетин ис-хәрекетти билдирсе бул экшн. Мысалы, жазыў, жуўырыў, аўқатланыў х.т.б.

Егер фейл сөз ис-хәрекетти билдирмесе бул стейт (state). Мысалы, жақсы көриў, түсиниу, кешигиў х.т.б

Булардың неге билиу керек? Stative фейллер -ing қосымтасын алмайды. Яғный "I am understanding you" кате.

Спорный жери, айрым фейллер еки мәниде болыўы мүмкин. Мысалы : Look

1) Look - қараў. (~Басты бурып қараў) бул хәрекет демек. I am looking at you. Бул дурыс.

2) Look - көриниў.
It looks like so delicious. Бул мазалыға уқсап тур. Уксап турыўды хәрекет деп болмайды. Бул жағдай. Яғный стейт.

Университетке тапыражақ абитурент яки айелтс спикинг тапсыражақ болсаңыз, бундай елементар қәте ислемең.

@tilepov_channel