Get Mystery Box with random crypto!

Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары! “Ҳудудий электр тар | Тақыятас районы

Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!
“Ҳудудий электр тармоқлари” АЖ тәрепинен көрсетилип атырған электрон хызметлер сапасын жәнеде жетилистириў ҳәмде тутыныўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде 2022-жыл 1-сентябрь саат 23:00 ден 3-сентябрь саат 22:00 ге дейинги аралықта мағлыўматларды қайта ислеў орайында профилактикалық жумыслар алып барылыўын хабарлаймыз.
Усы ўақыт аралығинда электр энергиясы ушын онлайн төлемлерди әмелге асырыў ҳәмде жеке есап бетиңиздеги мағлыўматларды алыўда техникалық үзилислер болыўы, соның менен бирге қарыйдарларға қолайлық жаратыў мақсетинде әйни усы ўақыт аралығында қарыздар тутыныўшылар автомат тәрзде тармақтан ажратылмайтуғынлығын ескертип өтемиз.

Келтирилген қолайсызлықлар ушын алдынан кеширим сораймыз.

«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ мәлимлеме хызмети