Get Mystery Box with random crypto!

ТАЙЫНЛАЎ O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң нәў | Тақыятас районы

ТАЙЫНЛАЎ

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң нәўбеттеги жыйналысы болып өтти. Жыйналыс күн тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Жыйналысты Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Сағындық Турманов ашты ҳәм алып барды. Жыйналыста министр Сағындық Турманов бәршени ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллық байрамы менен қутлықлап, күн тәртибиндеги мәселе бойынша O’zLiDeP Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң буйрығына тийкар O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары - аппарат баслығы лаўазымына Артиков Казбек Жумабаевич тайынланғанлығын атап өтип, оның өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырып өтти. Буннан соң Артиков Казбек Жумабаевич сөзге шығып, партияның мақсет хәмде ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўда, партия жумысларын еледе жанландырыўда биргеликте бирге ислесиўге ҳәм исенимди ақлаўға ҳәрекет ететуғынлығын билдирди.

https://t.me/uzlidepqr