Get Mystery Box with random crypto!

ДАҒАЗА! Республикамыздың медициналық жәрдемге мүтәж пуқаралар | Тақыятас районы

ДАҒАЗА!

Республикамыздың медициналық жәрдемге мүтәж пуқараларына айрықша қолайлықлар жаратыў мақсетинде усы жылдың 27, 28-июль күнлери Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўинде «Инсан саламатлығы» атамасында қайырқомлық акциясы өткериледи.
Акцияда ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги қурамындағы, сондай-ақ, Қарақалпақ медициналық институты Клиникасы, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармаларынан медицинаның барлық тараўларынан маман қәнигелер қатнасады. Бунда пуқараларымыз өзлерин қыйнап жүрген кеселликлери бойынша қәнигелерден бийпул медициналық консультация ҳәм жәрдемлер алыўына болады. Сонлықтан, республикамыз пуқараларын, әсиресе түрли себеплер менен медициналық жәрдем ала алмай жүрген пуқараларымызды «Инсан саламатлығы» қайырқомлық акциясына белсенди қатнасыўға шақырып қаламыз.

Акция өткерилетуғын орын: Нөкис қаласындағы 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби (Манеж).
Бағдар: Орайлық амфитеатр жанында.
Басланыў ўақты: саат 10:00.
Мағлыўмат ушын телефон: (61) 222-00-48