Get Mystery Box with random crypto!

Тақыятас жаслары Сурхандәрьяда Алдын хабар бергенимиздей райо | Тақыятас районы

Тақыятас жаслары Сурхандәрьяда

Алдын хабар бергенимиздей районның белсенди ҳәм үлгили оқыўшылары Сурхандәрья ўалаятына дем алысқа жиберилген еди.
Ҳәзирде районымыз жаслары салтанатлы түрде күтип алынып ўалаяттың Шеробод районындағы "Сурхон-Шеробод-Бешбулоқ" балалар дем алыў орайына жайластырылды.
Дем алыў орайында балалар ушын руўхый-ағартыўшылық кешелери шөлкемлестирилип, көңилли дем алыўлары ушын бәрше қолайлықлары жаратылған.

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube