Get Mystery Box with random crypto!

Өзбекстанлы Улуғбек Рашитов Токио Олимпиадасының чемпионы болд | Тақыятас районы

Өзбекстанлы Улуғбек Рашитов Токио Олимпиадасының чемпионы болды

Японияның Токио қаласында өткерилип атырған Олимпия ойынларында өзбекстанлы таэквондошы Улуғбек Рашитов финалда британиялы Брэдли Синден менен болып өткен жекпе-жекте 34-29 есабында жеңип шықты ҳәм Токио Олимпиадасы чемпионы болды. Бул усы Олимпия ойынларындағы Өзбекстанның дәслепки медалы болып табылады.

Солай етип, Улуғбек Рашитов таэквондо бойынша Өзбекстаннан Олимпиада ойынларында чемпион болған дәслепки спортшы сыпатында тарийхқа кирди.

Мағлыўмат ушын, Улуғбек Рашитов Олимпия ойынларында Сейду Фофана (Мали), Ли Даэ Хун (Қубла Корея), Мирхашем Ҳуссайни (Иран), Недзад Хусич (Босния ҳәм Герцеговина) ҳәм Брэдли Синден (Уллы Британия) сыяқлы таэквондошыларды жеңип шығып, чемпион болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.


Каналымызға ағза болың @QResMinistrlerKenesi