Get Mystery Box with random crypto!

Хош хабар! Зайнаб Дайыбекова Олимпиада шерек финалында Қылышп | Тақыятас районы

Хош хабар! Зайнаб Дайыбекова Олимпиада шерек финалында

Қылышпазлықтың сабля бағдарында Токио Олимпиадасында қатнасып атырған қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова үшинши басқышта кореялы Жисун Юнды 15:12 есабында жеңип шығып, Олимпиаданың шерек финал басқышына жоллама алды.

Еслетип өтемиз, жерлесимиз буған шекем биринши айланымда япониялы спортшы Аоки Чиканы 15:9 есабында, кейинги басқышта болса қытайлы тәжирийбели қарсыласы Яци Шаоны 15:10 нәтийжеси менен жеңип шыққан еди.

***Сабляшымыз ярым финал жолламасы ушын россиялы София Великая ҳәм италиялы Вечи Ирене арасындағы жекпе-жектиң жеңимпазына қарсы күш сынасады.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Каналымызға ағза болың
@kknews_uz