Get Mystery Box with random crypto!

ТANISAMIZ.

Telegram арнасының логотипі qaraqalpaqmiletariushin — ТANISAMIZ. Т
Telegram арнасының логотипі qaraqalpaqmiletariushin — ТANISAMIZ.
Арна мекенжайы: @qaraqalpaqmiletariushin
Санаттар: Саясат
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 332
Арнадан сипаттама

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДАҒЫ ЕҢ АШЫҚ АЙДЫН СИЯСИЙ КАНАЛ, ӨЗ ПИКИРЛЕРИҢИЗДИ ҚАЛДЫРЫҢ
СОРАЎЛАР ЯМАСА ДЕБАТҚА МӘРХАМАТ
@QRARIIBOT
ДОДАЛАЎ УШЫН МЫНА ТОПАРҒА
@miIIetari

Ratings & Reviews

3.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар 2

2022-12-26 21:54:02
Бугин ҒМДА шөлкемине ағза мәмлектлер президентлериниң рәсмий болмаған саммити Санкт Петербург қаласында болып өтип атыр...
346 viewsedited  18:54
Ашу / Түсініктеме
2022-12-26 15:09:29
Авганстанда оқыў хуқықынан айрылған хаяллар университет есиклерин қағып жыламақта. Оларды болса талибанлар қамшы менен сабап атыр.

@QARAQALPAQMILLETARIUSHIN
491 viewsedited  12:09
Ашу / Түсініктеме
2022-12-26 13:41:36 АРЫСЛАН МЕНЕН ТЫШҚАН

Теректиң түбинде уйқылап жатырған Арыслан қандай да бир сытырлыдан оянып кетипти. Көзин ашып қараса, тумсығының алдында бир тышқан тур екен. Ол тап берип, тышқанның қуйрығынан услап алыпты.
– Реҳим ете гөр, тақсыр, – депти Тышқан даўысы дирилдеп жалынып.
– Уйқымды неге буздың?! – депти ғәзепленген Арыслан даўысы гүркиреп.
– Әпиў ет, тақсыр! Аўқат излеп жүр едим, жибере гөр, мен де бир хызметиңе жарап қаларман.
– Сықылыңа қарап сөйле, ант урған, сениң шамаң неге келетуғын еди!
Арыслан кеңкилдеп бираз күлип турыпты да, реҳими келип, тышқанды жөнине жиберипти.
Күнлерде бир күн тоғайға бир мерген келип, Арысланның ақырған даўысын еситип:
– Билиўимше, бул Арысланның сийрек гезлесетуғын туқымына усайды. Буны услап алып, ҳайўанатлар бағына сатып жиберейин, деп ойлапты аңшы. Көмекке дәрҳал досларын шақырып, Арыслан суў ишетуғын суўатқа дузақ қурып таслапты.
Шөллеген Арыслан дәрьяға киятырып, дузаққа түсип қалыпты.

Ол әри жулқынып, бери жулқынып, торға орала берипти, ақыр соңында пүткиллей қозғала алмай қалыпты. Әптен шаршап, ҳалдан кетипти. Аш болыпты. Сөйтип әбигерленип турғанда, тышқан келип, өткир тислери менен жипти үзе баслапты ҳәм Арысланды босатып алыпты.
–“Мен де бир хызметиңизге жарарман” дегенде, мениң үстимнен күлип едиңиз, тақсыр,– депти сонда Тышқан. – Сизиң ақырған даўысыңызды еситиўден-ақ жәрдемге жетип келдим. Енди мениң ўәдеме опалы екенлигиме көзиңиз жеткен шығар.
Арыслан әўелги айтқан сөзлерине уялып қалыпты.

@QARAQALPAQMILLETARIUSHIN
509 viewsedited  10:41
Ашу / Түсініктеме
2022-12-26 13:19:47
Өткен Арасту, Аплатун,
Жаратып илимниң кәнтин,
Шешиў ушын пикри бәнтин,
Мен мағрифат излер едим.
Бердақ шайыр

* * *
Өмир излениўден турса итимал,
Изленемен, күндиз қолымда шырақ.
"Излесең табарсаң" деген де сөз бар,
Дурыс-надурсын сынап көрмедим бирақ.
Аязий

* * *
Билмеймиз бул жолдың басы-аяғын,
Бир түнге шөгирдик кәрўанымызды.
Ҳешким бизге анық айтып бермеди –
Қайдан келдик, қайда барарымызды.
Омар Ҳайям

* * *
Шынды билмек, ойласаң сен. Алды менен жанды бил.
Ең керекли үш сораў менен,
Жан қулағын қой бурап:
"Келдим қайдан? Қәйтсе пайдам? Өлгеннен соң не боларман?"
"Мен" деген -Жан. Ақыл-айнам.
Жоғала ма, сол шын-ақ.

@QARAQALPAQMILLETARIUSHIN
472 viewsedited  10:19
Ашу / Түсініктеме