Get Mystery Box with random crypto!

ТANISAMIZ.

Telegram арнасының логотипі qaraqalpaqmiletariushin — ТANISAMIZ. Т
Telegram арнасының логотипі qaraqalpaqmiletariushin — ТANISAMIZ.
Арна мекенжайы: @qaraqalpaqmiletariushin
Санаттар: Саясат
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 332
Арнадан сипаттама

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДАҒЫ ЕҢ АШЫҚ АЙДЫН СИЯСИЙ КАНАЛ, ӨЗ ПИКИРЛЕРИҢИЗДИ ҚАЛДЫРЫҢ
СОРАЎЛАР ЯМАСА ДЕБАТҚА МӘРХАМАТ
@QRARIIBOT
ДОДАЛАЎ УШЫН МЫНА ТОПАРҒА
@miIIetari

Ratings & Reviews

3.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2022-12-27 08:56:13
Шыпакерлер ҳәм социаллық тармақ пайдаланыўшылары «QURAMAX» компаниясына тийисли болған дәрилерден ўақтынша пайдаланбай турыўды усыныс етпекте

Айтылыўына қарағанда, «Medison Biotech» «Quramax» компаниясына тийисли болған дәрилерды қабыллағаннан кейин көп балаларда өткир зәҳәрлениў жағдайы бақланбақта. Шыпакер Маъруф Норботаевтиң айтыўына қарағанда, соңғы партия ислеп шығарылып атырған ўақытта қандайда бир қәтелик өткен болыўы ҳәм сол себепли дәрилер зәҳәрли көриниске келген болыўы мүмкин.

«QURAMAX» компаниясына тийисли болған дәрилер:
• Абронол
• Цинепар Кид
• Цинепар Кид лайт
• Травамакс
• НолГрипп
• Док-1 Макс
• Кюразит

Бул бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлигинен рәсмий мағлыўмат күтемиз.

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN
45 viewsedited  05:56
Ашу / Түсініктеме
2022-12-27 08:53:52
Жаңа жыл байрамында неше күн дем аламыз?

Быйылғы Жаңа жыл байрамында барлық хызметкерлер избе-из 4 күн дем алады.

Төмендеги күн дем алыс күни есапланады:

31-декабрь — шемби (Президенттиң өткен жылғы пәрманы тийкарында 6 күнлик жумыс ҳәптесиндеги хызметкерлер ушын дем алыс күни);

1-январь — екшемби (Жаңа жыл байрамы);

2-январь — дүйшемби (жумыс ҳәптесине қарамастан ҳәмме ушын қосымша дем алыс күни);

3-январь — сийшемби (6 күнликлер ушын қосымша дем алыс күни, 5 күнликлер ушын 7 январт - шемби күнинен көширилген дем алыс күни).

30-декабрь (жума) ҳәм 4-январь (сәршемби) күнлери жумыс күни болады.

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN
48 viewsedited  05:53
Ашу / Түсініктеме
2022-12-27 08:39:33
Норвегия дан кɵринис. Әжайып….

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN
77 views05:39
Ашу / Түсініктеме
2022-12-27 08:29:15
Қытайда ковид-19 бенен кеселленгенлер артып кеткенлиги себепли кеселханаларда орын жетиспей атыр ҳəмде оларға кɵшелерде хизмет кɵрсетилип атыр…

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN
92 viewsedited  05:29
Ашу / Түсініктеме
2022-12-27 08:13:10
Путинниң ҒМДА еллери рəсмий болмаған саммитинде айтқан тийкарғы сɵзлери:

Қəўип ҳəм қəтерлер күшейгеннен күшеймекте, ҒМДА ағзалары ортасында да келиспеўшиликлер бар, бирақ биз оларға тез арада шешим табыўымыз керек.
ҒМДА ағзалары ортасында интеграцияны еледе шуқырластырыў бул мəмлекетлер ушын тек ғана пайдалы болады.
ҒМДА ағзалары ортасында ɵз ара есап китапларда миллий валюталарға ɵтиў тезлесип атыр..
Кɵп миллетли мəмлекетлеримизди ҳəм халықларымызды ɵз-ара бир- бирине жақын етип байланыстырып турыўшы күш бул Русс тили.

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN
111 views05:13
Ашу / Түсініктеме
2022-12-27 07:53:07
Қарақалпақстанда ҳәр 1000 адамға орташа 66 жеңил автомобиль туўры келеди

Мәмлекетлик статистика комитети мағлыўматларына көре, 2022-жыл 1-январь жағдайына Өзбекстан Республикасында ҳәр 1000 турақлы халыққа орташа 87 жеңил автомобиль туўры келип атыр.

Аймақлар кесиминде ҳәр 1000 турақлы халыққа орташа туўры келетуғын жеңил автомобиллер саны:

Қарақалпақстан Р.- 66
— Ташкент қаласы - 178


— Әндижан ўәлаяты - 64
— Бухара ўәлаяты - 100
— Жиззақ ўәлаяты - 60
— Қашқадәрья ўәлаяты - 72
— Наўайы ўәлаяты - 87
— Наманган ўәлаяты - 68
— Самарқанд ўәлаяты - 92
— Сурхандәрья ўәлаяты - 64
— Сирдәрья ўәлаяты - 70
— Ташкент ўәлаяты - 106
— Ферғана ўәлаяты - 77
— Хорезм ўәлаяты - 104


@QARAQALPAQMILETARIUSHIN
131 viewsedited  04:53
Ашу / Түсініктеме
2022-12-27 07:49:04
2023- жыл ушын дем алыс күнлери белгиленди. Қайсы күнлер дем алыс?

Барлық хызметкерлер ушын (жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан):

2-январь - дүйшемби;
30-июнь - жума.

Алты күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын:

3-январь - Сейшемби;
20-март - Дүйшемби;
22-март - Сәршемби;
24-апрель - Дүйшемби;
1-июль - Шемби;
2-сентябрь - Шемби;
30-декабрь - Шемби.

Бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күнлери төмендеги тәртипте көшириледи:

7-январь - Шемби күнинен 3-январь - Сейшемби күнине;
11-март - Шемби күнинен 20-март - дүйшемби күнине;
25-март - Шемби күнинен 22-март - Сәршемби күнине;
29-апрель - Шемби күнинен 24-апрель - Дүйшемби күнине.

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN
139 viewsedited  04:49
Ашу / Түсініктеме
2022-12-27 07:47:53
Соңғы ўақытлары АҚШ ҳəм Канадада тосаттан күшли суўық ҳəм қар боранлары халықты əдеўир қыйын аҳўалға салып қойды…

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN
141 viewsedited  04:47
Ашу / Түсініктеме
2022-12-27 07:44:04
Путин Россиялықлардың дерлик ҳəммеси ўатан мəплери жолында барын бериўге таярлығын ҳəм ҳəзирги Путин сиясатын толық қоллап қуўатлайтуғынына исенетуғынын ɵз интервюларының биринде айтып ɵтти.

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN
145 viewsedited  04:44
Ашу / Түсініктеме
2022-12-27 07:33:53
Ассалаўма әлейкум Азиз Канал пайдаланыўшылары.
Күниңиз кеўилли өтсин!
Қыс суўық үйиңиз ыссы болсын...

Каналға ағза болыў:

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN
173 views04:33
Ашу / Түсініктеме