Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Жума
Muftiy
Намаз
Зикир
Ҳадис
Кун
تانگی
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Қутлықлаў
Жума
Muftiy
Намаз
Зикир
Ҳадис
Кун
تانگی
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 71.75K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 652

2022-02-06 15:08:02 #рәўият

АЙТЫЛҒАН ГӘП ИЙЕСИНИҢ КИМ ЕКЕНИН АШЫП БЕРЕДИ

Алдынғы заманларда жаман қулқы менен танылған бир адам күнлердиң биринде аппақ кийимлерди кийип бир алымның алдына барыпты. Саўлат пенен отырып, алымнан сорапты:
«Мен усы отырысымда кимге уқсайман?»
«Алымларға уқсайсыз», депти алым адам.
Оның жуўабынан мәс болған адам ески әдетин қылып:
«Ал, сен сол отырысыңда тезек толтырылған қалтаға уқсайсаң», депти.
Оның бул гәпин еситкен алым адам күлип қойыпты. Алымның ашыўланыўын күткен адам ҳайран болып:
«Неге күлип атырсыз?» деп сорапты.
Ал, алым: «Иши алымлық пазыйлетлерине толған адам басқаларды да алым деп биледи. Иши тезек пенен толған адамға басқалар да тезек толтырылған қалтаға уқсап көринеди», деп жуўап берген екен.


Жуўмақ: Бизлердиң ҳәр бир айтқан гәпимиз бизлердиң ким екенлигимизди ашып береди. Солай екен, аўзымыздан шығып атырған ҳәр бир гәпимизге итибарлы болайық!

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
2.1K views12:08
Ашу / Түсініктеме
2022-02-06 13:55:57
Сабыр қыл.

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

Telegram | instagram | youtubeт
4.6K views10:55
Ашу / Түсініктеме
2022-02-06 12:30:47
Қайсы саҳаба Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның муаззини болған?
Anonymous Quiz
40%
А. Билал ибн Рабаҳ разыяллаҳу анҳу
19%
Б. Ибн Умму Мактум разыяллаҳу анҳу
13%
С. Саъд ибн Аиз-Қараз разыяллаҳу анҳу
8%
Д. Әбиў Маҳзура разыяллаҳу анҳу
20%
В. Барлық жуўап дурыс
3.0K voters7.3K views09:30
Ашу / Түсініктеме
2022-02-06 12:30:47
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның аты Қураны кәриймде неше мәрте келген?
Anonymous Quiz
24%
А. 3
20%
Б. 4
36%
С. 5
21%
Д. 6
3.0K voters6.7K views09:30
Ашу / Түсініктеме
2022-02-06 11:01:24
#ҳәдис

ОРАЗА ҲӘМ ҚУРАН АҚЫРЕТТЕ ШӘПӘӘТШИ БОЛАДЫ

     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген: “Ораза ҳәм Қуран (Қыямет күни) бендени шәпәәт қылады. Ораза айтады: “(Пәрўардигарым,) мен оны күндизи тағамнан, нәпси қәлеўлеринен тосқанман. Енди оны шәпәәт қылыўым ушын руқсат бер”. Қуран айтады: “(Пәрўардигарым,) мен оны түнде уйқыдан қалдырғанман. Оны шәпәәт қылыўым ушын руқсат бер”. Сонда (ораза ҳәм Қуранға бендени) шәпәәт қылыў имканияты бериледи”.

Имам Аҳмад, Ҳаким, Байҳақий, Табараний раҳимаҳумуллаҳлар рәўият қылған.

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
5.7K views08:01
Ашу / Түсініктеме
2022-02-06 09:23:48
#ҳәдис #тәрбия

НАЎҚАСТЫ БАРЫП КӨРИЎ

Саўбан разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким бир наўқасты көриўге барса, қайтаман дегенше жәннеттиң хурфасында болады», деди.
«Я Аллаҳтың Расули, жәннеттиң хурфасы не?» деп соралды.
Нәбий алайҳиссалам: «Мүйўеси», деди.

Шолыў: Наўқасты көриўге барған адам ушын буннан артық және қандай сыйлық болыўы мүмкин? Ислам наўқаслардың аўҳалынан хабар алыўды әне сондай әҳмийетли иске айландырған. Себеби, бул ис наўқас ушын, жеке қатнасықларды ҳәм жәмийетти беккемлеў ушын оғада зәрүр. Мусылманлар әне сол жоқары мәртебеге ерисиў ушын мудамы ҳәрекет етип келген.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
378 views06:23
Ашу / Түсініктеме
2022-02-06 07:35:03
#мағлыўмат

САДАҚАНЫҢ ПАЙДАЛАРЫ:

1- Периштелер малыңа берекет тилеп дуўа қылады.
2- Ол сениң шайтанлар үстинен жеңисиң.
3- Ол Аллаҳ азза ўа жалланың ғәзебин өширеди.
4- Ол ҳәр бир кеселликке ем ҳәм шыпа.
5- Ол сениң аброй ҳәм ҳүрметиңди сақлайды.
6- Ол сениң өлим алды жуўмақланыўыңды шырайлы қылады.
7- Садақаң тосық болып сени дозақтан сақлайды.
8- Ол қыямет күни сениң саябаның.
9- Ол сениң мал-мүлкиңди зыяда қылады.
10- Ол қәлбиң қаттылығын жумсартады.
11- Садақа қәбир азабы ҳәм жалынынан сақлайды.
12- Ол қәте ҳәм гүналарыңды өширеди.
13- Ол садақа бериўшиден ҳәм оның жақынларынан бәлени қайтарады.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
3.2K views04:35
Ашу / Түсініктеме
2022-02-06 06:04:02
#күн_ҳәдиси

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди:

«Ким бир жақсы исти басласа, сол исте басқалар оған ерсе, ол адам толық саўапты ҳәм оған ергенлердиң саўабын алады. Буның менен олардың (сол жақсы иске ергенлердиң) саўабын кемейтпейди.
Ким бир жаманлық қылса, сол исте оған басқалар ерсе, буның ушын толық гүнаны алады ҳәм оған ергенлердиң гүнасын алады. Буның менен олардың (жаман исте оған ергенлердиң) гүнасын кемейтпейди».


Ибн Мажа рәўияты.

Ҳәр бир баслаған жақсы ислеримизди Аллаҳым қайырлы ҳәм даўамлы қылсын!
Еки дүнья саадаты, жәннети ҳәм жамалы менен сыйлықласын!




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
1.3K views03:04
Ашу / Түсініктеме
2022-02-06 05:16:02
#дуўа #зикир

ТАҢҒЫ ЗИКИР

Умма Салама разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бамдад (таң) намазында сәлем берип:
"Аллоҳуммә инний әс'әлукә ъилмән нәәфиъан ўә ризқон тоййибән ўә ъамәлән мутәқоббәлә", деп айтар еди".

Мәниси: Аллаҳым, Сеннен пайдалы илим, пәкизе ырысқы, қабыл болатуғын әмел сорайман.

Ибн Мажа раўияты



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
1.6K views02:16
Ашу / Түсініктеме
2022-02-06 05:06:02
Ассаламу алайкум!

Бүгин екшемби күни



Екшемби күниңиз қайырлы болсын!

6-Февраль 2022
4-Ражаб 1443





Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
1.7K views02:06
Ашу / Түсініктеме