Get Mystery Box with random crypto!

​​#мағлыўмат САЎАП АЛАМАН ДЕП ГҮНА АРТТЫРЫП ҚОЙМАҢ Ҳәр | Paziyletuz | Рәсмий канал

​​#мағлыўмат

САЎАП АЛАМАН ДЕП ГҮНА АРТТЫРЫП ҚОЙМАҢ

Ҳәр жылы 9-май сәнесинде гүллән халқымыз қәбирстанларға барады, ата-бабаларын еслеп, Қуран тиләўат етеди ҳәм ҳақларына дуўалар қылады.
Бирақ адамлар зыярат қағыйдаларына қаншелли әмел етип атыр?
Қәбирстанларды қандай зыярат етиў керек?
Бул сораўларға көпшилик жуўап бере алмаса керек, өйткени көп жағдайларда зыярат етип, саўап алыўдың орнына терис ислерди қылып жүргенлердиң гүўасы боламыз.
Көпшилик бул ислерди шәриятымыз буйырған, деп ойлайды. Негизинде бундай ислерден шәриятымыз қайтарған болады, ақыл тәрептен ойлап қарасақ та дурыс емес екени анық болады. Бундай әмеллер жақын тарийхымыздағы динсизлик дәўиринде кирип қалған. Солардан айырымларын санап өтсек:


1. Қәбирстанларда жанлық сойыў, аўқат тарқатыў. Шәрият тәрепинен қәбирстанларда аўқат жеў мәкруҳ әмел. Медицина тәрепинен де, қәбирстанларда аўқат жеў дурыс болмаса керек, өйткени, ол жерлердеги қазан-табақлардың таза болмаўы күндей рәўшан. Таза болған жағдайда да, бәрибир қәбирстан аўқат жейтуғын орын емес.
Садақаны өз орынларына бериў керек. Қоңсымыз баласының оқыўдағы шәртнама пулын төлеўге қыйналып отырса, ал бизлер жанлық сойып, оны садақаға мүтәж емес адамларға жедирсек, бул динимизге де, ақылға да туўры келмейтуғын ис. Оның орнына сол қоңсымызға жәрдем берген мың мәрте абзал.


2. Қәбир айланыў, топырағын маңлайға сүртиў. Бул ислер де шәриятымызда жоқ. Негизинде Каабадан басқа ҳеш орынды айланып таўап етиў дурыс ис емес. Қәбир айланып жүрип ҳәттеки ески қәбирлердиң үстинен басып та кетеди. Шәриятымызда марҳумның ҳүрмети тири менен бирдей, қәбирди басыў үлкен гүналардан.

3. Тиләўат қылатуғын адам излеп жүриў. Адамларға ҳайран қаласаң, мусылманман деп турып еки аятты билмеў мүмкин бе? Ҳәр қандай шаңарақта дастурхан басында, шаңарақ басшысы тиләўат етип, берген неъматлары ушын Аллаҳға шүкир айтыўы, еки аят болса да оқып, өткенлерге бағышлаўы, буларды балаларына да үйретиўи үрдис болған ис ғой. Қәбирстанға барып, жақыныңның қәбири қасына барып, еки аят оқый алмасаң, не деген адам боласаң?

4. Марҳумлардан сораў. Қәбирлерде жатқан пәленши бабадан, төленши атадан деп тилеп бир нәрсе сораў мүмкин емес. Өйткени, марҳумлар бизлерге ҳеш нәрсе бере алмайды, қайтама бизлер оларға бир нәрсе бериўимиз керек, яғный аят оқып саўабын бағышлаўымыз керек.

5. Кийиниў әдебине әмел етпеў. Ҳаял-қызларымыздың көшелерде кийинип жүриўи ҳәдден асып кеткен екени ҳеш кимге сыр емес. Бирақ қәбирстанда ең кеминде көйлек кийгенде ыштаны менен кийиўди умытпаўы, басын да жаўып келиўи шәрт. Енди, бул жерлерде де ярым жалаңаш, келте кийимлерди, еркеклердей шалбар кийиў, бул - барып турған әдепсизликтен дерек береди.
Ер-жигитлер де шорты сыяқлы келте кийим менен емес ҳәм басларына тақыя кийип барыўы тийис.


6. Қәбирге жасалма гүл қойыў. Бул әдет жақынға шекем тек христиан динине тийисли адамлардың қәбирстанларында болатуғын еди, ҳәзирлери мусылманлартыкинде де ушырап турыпты. Ҳәдиси шәрипте, еле ызғары кетпеген шақа, қәбирдегилерге пайда бериўи ҳаққында келген. Ал жасалма гүллер тек көзаба ис ғой, оларды ҳәмме алып барыўы менен қәбирстанлар патасланып атырғаны да сыр емес. Бундай ис қылыў ақылға уғрас емес.

7. Қәбирстанда күлиў. Қәбирстанда екижүзли адам күледи, делинген. Ол жерлер күлисип, ойнасып қайтатуғын орын емес. Ақыретти еслеп қайтатуғын орын. Мен де усы жерге келемен, мени де ағайин-туўысқанларым усы жерге таслап кетеди, соның ушын дүзиў жасаўым керек, бир күн келип ҳәммесине жуўап беремен, деген ойларды қәлбтен өткеретуғын орын.

https://t.me/paziyletuz