Get Mystery Box with random crypto!

Перзенттиң ата-ана қайтыс болғаннан кейинги 5 ўазыйпасы Ата- | Paziyletuz | Рәсмий канал

Перзенттиң ата-ана қайтыс болғаннан кейинги 5 ўазыйпасы

Ата-анаңыз ҳақына истиғфар айтың:

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Мәйит қайтыс болғаннан кейин дәрежеси көтерилди. Сонда ол: "Я Рәббим! Бул не?", деди. "Балаң саған истиғфар айтты", делинди".

Муҳаммад ибн Сийрийннен рәўият қылынады: "Бир түн Әбиў Ҳурайраның алдында едик. Ол: "Аллаҳым, Әбиў Ҳурайраны ҳәм анамды мағфират қыл ҳәм екеўине истиғфар айтқанларды да мағфират қыл", деди".

Муҳаммад (ибн Сийрийн): "Бизлер Әбиў Ҳурайраның дуўасына кирип қалайық, деп оған ҳәм анасына мағфират сорап турамыз", деди". (Имам Бухарий рәўияты).

Түсиндирме: Ҳәр бир мөмин перзент өз ата-анасына мағфират сорап дуўа қылыўы менен бирге, басқалардың да олардың ҳақына дуўа қылыўын тәмийнлеўши шара-илажларды көриўи шырайлы болады.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz