Get Mystery Box with random crypto!

«Ҳаж - 2024» мәўсими ушын оқыў-семинары болмақта Бүгин, Хорез | Paziyletuz | Рәсмий канал

«Ҳаж - 2024» мәўсими ушын оқыў-семинары болмақта

Бүгин, Хорезим ўәлаятындағы «Фаҳриддин ар-Розий» медресесиниң жыйналыслар залында “Ҳаж - 2024” мәўсиминде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезим ўәлаятынан баратуғын ҳаж зияратшыларына бириктирилген топар басшылары (елиў басылар) на офлайн түриндеги еки күнлик оқыў семинары басланды.
Оқыў шынығыўларын Өзбекстан мусылманлары басқармасы Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов ҳәм Хорезм ўәлаяты бас имам-хатиби Хайрулла Абдуллаевлар тәрепинен алып барылмақта. Олар топар басшыларына Ҳаж ҳәм Умра зияраты әмеллерин орынлаўдың шәрий ҳүкимлери, атап айтқанда, Ҳаж ҳәм Умраның парыз ҳәм ўәжиблери, иҳрамға (Ҳаж ҳәм Умра зыяратында кийилетуғын арнаўлы кийим) кириў, таўап ҳәм саъй қылыўдың тәртип-қағыйдалары, ҳаж қылыў ўақтында қадаған етилген әмеллерден сақланыў, соның менен бирге, Мадинаи мунаўўара ҳәм Мәккәи мукаррамадағы мүбәрек орынларды зыярат етиў әдеплери ҳаққында айтып ѳтти.
Соның менен бирге, топар басшылары зыяратшыларға мүбәрек сапар даўамында мудамы салдамлы болыў, бир-биреўге жәрдем көрсетиў, зикир ҳәм ибадатларды көбейтиў ҳаққында да ескертип турыўлары керек екенин де айрықша айтып өтти. Оқыў-семинары қатнасыўшылары ѳзлерин қызықтырған сораўларға баянатшылар тәрепинен керекли жуўаплар алды.
Оқыў семинар ертең де даўам етеди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz