Get Mystery Box with random crypto!

Перзенттиң ата-ана қайтыс болғаннан кейинги 5 ўазыйпасы Ата- | Paziyletuz | Рәсмий канал

Перзенттиң ата-ана қайтыс болғаннан кейинги 5 ўазыйпасы

Ата-анаңыз қәбирин зыярат етиң:

Ҳәзирети Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким ата-анасы яки олардан бириниң қәбирин ҳәр жума күни зыярат етип, "Ясийн" сүресин тиләўат қылып, оның саўабын оларға бағышласа, сүредеги ҳәр бир ҳәрип санындай Аллаҳ таала олардың гүналарын мағфират қылады", деди (Имам Дайламий рәўияты).

Маъқал ибн Ясар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Өлилериңизге "Ясийн" сүресин тиләўат етиң", деген (Имам Әбиў Даўыт рәўияты).

Имам Наўаўий раҳматуллаҳи алайҳ қәбирди зыярат етиўши Қураны кәриймди тиләўат еткеннен кейин усы дуўаны оқыўы керек екенин атап өтеди: "Аллооҳумма аўсил соўаба мәә қороътуҳу иләә "фулан" (Я Аллаҳым! Усы оқыған Қуран тиләўатынан пайда болған саўапты ( мәйиттиң аты айтылады)...ға жеткиз).

Ибн Ҳажар Ҳайтамий раҳматуллаҳи алайҳ: Мәйиттиң ҳақына Қураны кәриймнен тиләўат етип, оның саўабын бағышлаў менен бирге, мәйит ҳақына Аллаҳтың рейим ҳәм мағфиратын да сорап дуўа қылыў қәбирлерди зыярат етиўден гөзленген тийкарғы мақсет", деген.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz