Get Mystery Box with random crypto!

#сораў_жуўап ҚӘБИРСТАНДА АЎҚАТ ПИСИРИП ЖЕЎ МҮМКИН БЕ? Со | Paziyletuz | Рәсмий канал

#сораў_жуўап

ҚӘБИРСТАНДА АЎҚАТ ПИСИРИП ЖЕЎ МҮМКИН БЕ?

Сораў: Қәбирстанда аўқат писирип жесе бола ма?

Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Қәбирстанға барған адам сол жерде жатқанлардың ҳалынан ҳәм өзи де бир күни келип олардың қатарына қосылыўын ойлаўы керек. Олардың ҳақларына дуўа етиўи, истиғфар айтыўы мақсетке муўапық. Қәбирстан – жеп-ишетуғын, ойын-күлки қылатуғын, орын емес. Ҳәтте, ол жерде бәлент даўыста бақырыўдан да қайтарылған. Адамлар топланып, жәмәәт болып, зыяпат уйымластырыўлар мүмкин емес.
    Бурайда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз алайҳиссалам: «Әлбетте, мен сизлерди қәбирлерди зыярат етиўден қайтарған едим. Енди зыярат етебериң. Өйткени, ол сизлерге ақыретти еслетеди!» Тағы бир рәўиятта: «Жаман сөз айтпаң!» деген. (Имам Муслим ҳәм Имам Термизий рәўиятлары).
    Муҳаммад әл-Хадимий әл-Ҳанафий «Бариқатул Маҳмудия» китабында айтады: «Қәбирлер алдында жеп-ишиў мәкруҳ есапланады. Сондай-ақ, күлиў де мәкруҳ. Себеби, усы сыяқлы жерлер өрнек алыў, ақыретти еслеў орны. (Қәбирстанда) аўқатланыў ҳәм күлиў болса, ақыретти еслеўге кери келеди. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz