Get Mystery Box with random crypto!

​​#мағлыўмат #фиқҳ ҚӘБИРСТАН ЗЫЯРАТЫ Шәриятымыз бойынш | Paziyletuz | Рәсмий канал

​​#мағлыўмат #фиқҳ

ҚӘБИРСТАН ЗЫЯРАТЫ

Шәриятымыз бойынша зыярат етпекши болған адам ең алды менен жуўынып-пәкленип, зыярат қағыйдаларын бир қатар еслеп алыўы зәрүр. Егер шаңарағы менен баратуғын болса, онда бала-шағасына зыяратқа барыў, ол жерде жүриў әдеплери, дурыс кийинип барыў әдеплерин үйретиўи тийис. Өзи де барғаннан кейин қайсы аятты оқыйжағын бир қатар тәкирарлап, кимлерди дуўа етиўин бир еслеп алғаны мақул.
Қәбирстанға киргенде не ислениўи ҳаққында мына ҳәдисте айтылған:
Саҳаба Бурайдадан айтылыўынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қәбирстанды зыярат қылыўға барғанда былай деген: «Ҳәй мөминлер, қәбирстан әҳли, сизлерге сәлем болсын. Қуда қәлесе бизлер де келип сизлерге қосыламыз. Өзимизге ҳәм сизге Аллаҳтан тынышлық-саламатлық тилеймен».
Пайғамбарымыздың бул сөзлери қәбирстанды зыяратламақшы болған ҳәр бир адамға қолланба болыўы керек. Қәбирстанға кирип марҳумларға сәлем бергеннен кейин, илажы барынша мәйитке жақын барып, қублаға қарап отырып, Қураны кәрим аятларынан тиләўат қылып, дуўа оқылады. Жақын барыўдың илажы болмаса, мүмкиншилиги болған жерден дуўа қылынады. Саҳаба Жәбир разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ қәбирлердиң үстин гипс қылыўдан, үстине тас қойып, тасқа «Бисмилләҳ»ты, «Лә иләәҳә иллаллооҳ»ты ҳәм Қуран аятларын жазыўдан ҳәмде қәбирди басыўдан, яғный оны аяқ асты қылыўдан қайтарды». Муслим рәўияты.
Барғанда да перзентлериниң әдеп пенен жүриўин бақлап барыўы керек. Бул ислер хожалық баслығының ўазыйпасы есапланады.
Инсан тирилигинде қандай ҳүрметке ылайық болған болса, өлгеннен кейин де сол ҳүрметке ылайық болыўы керек. Бул ҳаққында Айша анамыз былай деген: «Расулуллаҳ ҳәм әкем Әбиў Бакир көмилген үйге оларды зыярат қылыў ҳәм үйди сыпырып, тазалаў ушын киргенимде, олардың биреўи күйеўим, екиншиси әкем деп орамалсыз кире беретуғын едим, кейин ала ол жерге екинши халифа Умар көмилгеннен кейин ол адамнан уялып, орамал жамылып киретуғын болдым». Имам Аҳмад рәўияты.
Салим ибн Рофур қәбирстаннан өтип баратырып ҳәжети қыстап қалыпты, шериклери: «Ҳәжетке шығып алың, биз күтип турамыз», дегенде, ҳайран қалып: «Субҳаналлаҳ», яғный Аллаҳға ант, мәйитлерден тап тирилерден уялғандай уяламан, деген екен. Ал, саҳаба Ақаба ибн Амир: «Қәбирстанда ҳәжет қылдың не, базарда ҳәжет қылдың не, екеўиниң де гүнасы бирдей болады», деген.


https://t.me/paziyletuz