Get Mystery Box with random crypto!

#дуўа ШАҢАРАҚТА ТЫНЫШ-ТАТЫЎЛЫҚ УШЫН ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА | Paziyletuz | Рәсмий канал

#дуўа

ШАҢАРАҚТА ТЫНЫШ-ТАТЫЎЛЫҚ УШЫН ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Бир ҳаял өмиринде болған ўақыяны айтады: "Узақ ўақыт Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның Ибн Ҳиббан рәўият қылған төмендеги:
"Аллооҳуммә әллиф байнә қулуўбинәә ўә әслиҳ зәәтә бәйнинәә, ўаҳдинәә субуләс сәләм" деп зикир қылынған дуўаны айтып жүрдим.
(Мәниси: Аллаҳым қәлбимизди үлпет қыл ҳәм араларымызды дүзет, бизлерди саламатлық жолларына ҳидаят ет).

Алдынлары бул дуўаға итибарсыз болған екенмен. Субҳаналлаҳ! Усы дуўаны оқып жүриў менен үйимде, перзентлерим, ерим, шаңарағым ҳәм әтирапымдағы бәрше инсанлар менен келисимде жасап, тынышлық ҳәм қәтержамлықты таптым.

Ким шаңарағы тыныш-татыў болыўын сораса усы дуўаны ядлап алсын.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz