Get Mystery Box with random crypto!

#күн_аяты «Билип қойың! Аллаҳтың досларына қәўип жоқ, олар | Paziyletuz | Рәсмий канал

#күн_аяты

«Билип қойың! Аллаҳтың досларына қәўип жоқ, олар қапа да болмайды» (Юнус сүреси, 62-аят).

Шолыў: «Аллаҳтың дослары», яғный әўлийелер ким екенлиги ҳаққында ҳәр қыйлы тәрийплер бар. Соның ишинде, олар таат-ибадат пенен Аллаҳға жақын болыўшы, ал Аллаҳ оларға кеңшилиги ҳәм сақыйлығы менен жақын болған адамлар есапланады. Көпшилик уламалардың пикири бойынша ўәлийлер Аллаҳ жолында досласқан адамлар болып, оларды байланыстырып турыўшы нәрсе байлық та емес, ағайиншилик те емес, ал Аллаҳтың разылығы.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz