Get Mystery Box with random crypto!

#Сораў_жуўап Сораў: Шәўўәл айында тутылатуғын оразаның бир | Paziyletuz | Рәсмий канал

#Сораў_жуўап

Сораў: Шәўўәл айында тутылатуғын оразаның бир күни жума (күни)не туўры келип қалса не ислеў керек?

Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Шәўўәл оразасын избе-из тутып атырғанда оразаның бир күни жума күнине туўры келсе, зыяны жоқ. Бирақ, Шәўўәл оразасын бөлип-бөлип тутып атырғанда тек ғана жума күнинде ораза тутыў мәкруҳ. Жума күниниң я алдынан, я артынан және бир күнди қосып (ораза тутылса), мәкруҳ болмайды. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz