Get Mystery Box with random crypto!

#шәўўәл_оразасы Шәўўәл оразасында инсанларға қандай пайда бар | Paziyletuz | Рәсмий канал

#шәўўәл_оразасы

Шәўўәл оразасында инсанларға қандай пайда бар?

Уламаларымыз Рамазан айынан кейин шәўўәл айының алты күнлик оразасында үш түрли пайда бар екенин айтқан:

1. Инсанның денесине. Бир ай үзликсиз ораза тутқан дене бирден көп аўқат жеўге кирисип кетсе, түрли кеселликлер арттырып алады;

2. Инсанның шаңарағына. Ҳаял адам үзирли жағдайы себепли Рамазанда бир неше күн ораза тута алмаған болса, шәўўәлда сол қазаларын тутып алады. Қаза оразаларды жалғыз өзи тутыўы оның нәпсине аўыр көринсе, күйеўи ҳәм перзентлери де шәўўәлда нәпил ораза тутып, оған руўхый тәрептен жәрдемши болады;

3. Инсанның динине. Ораза тек ғана ибадат нийетинде, Аллаҳ таалаға қурбат (жақынласыў) нийетинде тутылады. Бирақ, тәбийий түрде  жоқарыдағы қосымша пайдаларға да ерисиледи. Лекин бир айлық парыз ибадаттан кейин нәпил ибадат та қылыў адамның дининде беккем болыўына, ийман (нуры) зыяда болыўына жәрдем береди.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz