Get Mystery Box with random crypto!

#дуўа КЕСЕЛЛИКЛЕРДЕН ПАНА СОРАЛЫП ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА      Бәл | Paziyletuz | Рәсмий канал

#дуўа

КЕСЕЛЛИКЛЕРДЕН ПАНА СОРАЛЫП ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

     Бәле-апатларды көтеретуғын нәрселерден бири, адамның ҳәр түрли кеселликлерден пана сорағанынан кейин төмендеги арнаўлы зикирлерди ядлап, ҳәр дайым тәкирарлап жүриўи керек болады.

      «Аллооҳуммә инний аъуўзу бикә мин жәҳдил баләә-и ўә дәрәкиш шәқоо-и ўә суў-ил қазоо-и ўә шәмәәтәтил аъдәә-и ўә ъузәәлид дәә-и ўә хойбәтир рожәә-и », деп дуўа қылың.

      Мәниси: «Аллаҳым, әлбетте мен Сениң атың менен машақатлы бәледен, бахытсызлықтың ең төмен дәрежесинен, қаза (тәғдирдиң) жаманынан ҳәм душпанның иши қаралығынан, даўасыз дәрттен ҳәм үмиттиң үзилип қалыўынан пана сорайман».

     «Аллооҳуммә инний аъуўзу бикә минәл бароси ўәл жунуни ўәл жузәәми ўә сәййи-ил асқооми».

    Мәниси: Аллаҳым, Сениң атың менен песликтен, жинлиликтен, мақаўдан ҳәм жаман кеселликлерден пана сорайман.

 
  Шайх Муҳаммад Ҳасан Даду.




     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz