Get Mystery Box with random crypto!

#Шәўўәл_оразасы Рамазан ҳайытынан кейин Шәўўәл айының алты | Paziyletuz | Рәсмий канал

#Шәўўәл_оразасы

Рамазан ҳайытынан кейин Шәўўәл айының алты күн оразасын тутыў шәрт пе?

Шәўўәл айында алты күн ораза тутыў сүннет (мустаҳаб) болып, парыз емес. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Ким Рамазан оразасын тутса, кейин оған Шәўўәл (айы)нан алты күн (нәпил) қосса, тап бир жыллық ораза киби болады", деди. (Имам Муслим рәўияты).

Усы ҳәдистиң мазмуны улыўмалық келгени ушын бул алты күнлик оразаны Рамазан ҳайыты ертеңине басласа да болады ямаса бир неше күн өткерип кейин ораза тутса да болады. Шәўўәл айында алты күн ораза тутса, болды.

Айырым уламалар қайырлы ислерди ислеўге асығыў кереклиги, жарысыў абзал екенин есапқа алып, ҳайыт күниниң ертеңине Шәўўәлдиң оразасын тутыўды баслаў керек, деп есаплайды. Адамлар да соған үйренип қалған.

Шәўўәл айында ораза тутыўға әдетлениў ўәжиб емес, ал абзал ҳәм мақул ис.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz