Get Mystery Box with random crypto!

#Сораў_жуўап ҚАНДАЙ САЎАП ПЕНЕН ГҮНАМДЫ ЖУЎСАМ БОЛАДЫ? С | Paziyletuz | Рәсмий канал

#Сораў_жуўап

ҚАНДАЙ САЎАП ПЕНЕН ГҮНАМДЫ ЖУЎСАМ БОЛАДЫ?

Сораў: Мен 3-4 жылдан берли уятсыз филмлерди көретуғын едим. Енди дозақтан қорқып атырман. Қандай саўап пенен гүнамды жуўсам болады?

Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Тезирек шын кеўилден тәўбе қылың ҳәм сол жеркенишли әдетке қайтпаўға қарар етиң! Мине усындай шын тәўбе өткен гүналарды жуўады.
Аллаҳ тааланың парызларын орынлаң. Атап айтқанда, парыз намазларын өз ўақтында шәриятымызда буйырылғанындай етип оқың. Себеби, кәмил оқылған намаз да бузықлық ҳәм қайтарылған ислерден тосады. Аллаҳ тааланы көп зикир етип жүриң. Ҳарам ислерден узақ болың.

Бос ўақтыңызда пайдалы ислер менен шуғылланың, китап оқың, солиҳ адамлар менен сәўбетлес болып, олар менен досласың, ибадатта болың. Сонда, Аллаҳ таала кеңшилиги менен Сизди дозақтан узақ қылады деп үмит етемиз. Таўфиқ Аллаҳтан. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz