Get Mystery Box with random crypto!

Рамазан айындағы қайырлы ислер 1. Қуранды көп оқыў, имканият | Paziyletuz | Рәсмий канал

Рамазан айындағы қайырлы ислер

1. Қуранды көп оқыў, имканият болса, оны бир неше мәрте хатым қылыў.
2. Оразадарларға аўыз ашар бериў, тараўиҳлерде суў үлесиў.
3. Перзентлерди, аға-ини ҳәм қарындасларды хатмы Қуран қылыўға қызықтырып, ҳайытта оларға сыйлық бериў.
4. Исламый ҳәм мәрипий китаплар саўға етиў.
5. Садақа үлесиў, зәкатты Рамазанда бериўге қызықтырыў.
6. Қоңсы-қоба ҳәм дослар арасындағы мүтәжлерге жәрдем қолын созыў.
7. Мусҳаф (Қуран) сатып алып, мешитлерге тарқатыў, жақынларға үлесиў.
8. Үй бийкелери таярлаған сәҳәрлик ҳәм ифтарлықлары ушын саўап үмит етиўи.
9. Рамазан айында Умра қылыў. Рамазандағы умраның саўабы жүдә үлкен.
10. Дослар, ағайинлер ҳәм қоңсыларға ифтарлық қылып бериў.
11. Зикир ҳәм истиғфарды көп айтыў.
12. Жетимлерди, мүтәж шаңарақларды кепилликке алыў.
13. Балалар ушын Рамазан түнлери зикир жарысларын өткизип, оларға сыйлықлар бериў.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz