Get Mystery Box with random crypto!

Рамазан сақаўат айы Рамазан айы саўапларын тек ғана ораза тут | Paziyletuz | Рәсмий канал

Рамазан сақаўат айы

Рамазан айы саўапларын тек ғана ораза тутыўдан ҳәм мешитлер сүтинлери арасынан излемең. (Яғный, бул айдағы саўап ораза ҳәм тараўиҳ намазлары менен ғана шекленген деп ойламаң).

Сондай-ақ, сый-саўапты ата-ананы разы қылыўдан, аға-ини менен силаи раҳм қылыўдан, мискинге тағам үлесиў, кийимсизди кийиндириўден, қорқыўға түскенди қорғаўдан, басқадан зулымды жоқ етиў, жетимди кепилликке алыў ҳәм гүналардан шетлениў сыяқлы әмеллерден де излең.

Саўапты оразаларымыз ҳәм қыямларымыздан излегениңиздей ҳүжданыңыздан да излең. (Яғный, ийман талабы ҳәм ҳүждан буйрығына муўапық жоқарыдағы киби саўаплы ислерге үлес қосың).



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz