Get Mystery Box with random crypto!

#рамазан_2024 #ҳәдис #ораза       Пайғамбарымыз саллаллаҳу ал | Paziyletuz | Рәсмий канал

#рамазан_2024
#ҳәдис #ораза

      Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: "Сизлерден ким умытып бир нәрсени жеп яки ишип қойса, оразасын ақырына шекем даўам еттирсин. Әлбетте, Аллаҳ оны жеп-ишкизипти".

      Түсиндирме:
Бул ҳәдисте ораза тутқан адам, өзиниң ораза екенин умытқан ҳалда бир нәрсе жеп қойса ямаса бир нәрсени ишип қойса не болады, деген сораўға жуўап бар. Демек, умытып бир нәрсе жеп қойсақ яки ишип қойсақ, оразамызды даўам еттириўимиз керек екен. Умытып жеп-ишип қойғанымыз оразаны бузбайды екен. Буны Аллаҳ тааланың бизлерди жеп-ишкизиўи деп түсиниўимиз керек екен.




     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz