Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўат | Юрист

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жанында жәмийетлик тийкарда шѳлкемлестирилген «Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў Орайы» және ѳз жумысын баслады.

Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм карантин дәўиринде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, жалғыз баслы нуранийлер, имканияты шекленген ҳәм тийкарғы дәрамат дереклерин жоғалтқан пуқараларға әмелий жәрдем бериў мақсетинде 1197 қысқа номери иске қосылды.

Сондай-ақ, халыққа және де қолайлық жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша (61) 222-05-26, (61) 222-05-24, (61) 222-00-94 телефон номерлери де сизиӊ қоӊыраўыӊызды күтпекте. Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў Орайына келип түскен мүрәжатлар тийкарында азық-аўқат, дәри-дармақ ҳәм басқа зәрүрли ѳнимлер гигиеналық ҳәм санитариялық талапларға толық әмел етилген ҳалда волонтёрлар тәрепинен пуқараларға жеткерилип бериледи.

Қарақалпақстан Республикасындағы Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў ҳәм волонтёрлық орайының исеним номерлери (Call-center) ҳаққында төмендеги кесте арқалы танысыўыӊызға болады.


1 Аймақлық штаб 1197
2 Нѳкис қаласы 1197
3 Әмиўдәрья районы (61) 515-40-21
4 Беруний районы (61) 524-45-07
5 Бозатаў районы (61) 415-36-57
6 Қараѳзек районы (61) 465-45-76
7 Кегейли районы (61) 412-32-47
8 Қоңырат районы (61) 312-27-88
9 Қанлыкѳл районы (61) 332-11-94
10 Мойнақ районы (61) 322-17-52
11 Нѳкис районы (61) 424-46-77
12 Тақыятас районы (61) 572-35-64
13 Тахтакѳпир районы (61) 435-21-57.
14 Тѳрткўл районы (61) 532-50-82
15 Хожели районы (61) 554-10-35
16 Шымбай районы (61) 444-02-75
17 Шоманай районы (61) 346-29-74
18 Елликқала районы (61) 585-28-15

Бул номерлерге ҳәр күни саат 9:00 ден 17:00 ге шекем мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ мәлимлеме хызмети

@shomanay_uzz