Get Mystery Box with random crypto!

🏛НӨКИС 27-МЕКТЕП🏛

Telegram арнасының логотипі nukus_27_mektep — 🏛НӨКИС 27-МЕКТЕП🏛 Н
Telegram арнасының логотипі nukus_27_mektep — 🏛НӨКИС 27-МЕКТЕП🏛
Арна мекенжайы: @nukus_27_mektep
Санаттар: Білім
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 521
Арнадан сипаттама

Нөкис қаласы 27-санлы мектеп телеграм тармақ каналы.
👉Дағаза ҳәм хабарландырыўлар
👉Мектеп жаңалықлары
👉Билимлендириў жаңалықлары
👉Онлайн таңлаўлар
👉Қалалық, республикалық ҳәм халықаралық таңлаў дағазалары
👉Видеороликлер

Ratings & Reviews

4.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар 10

2022-02-28 12:54:02
260 views09:54
Ашу / Түсініктеме
2022-02-28 12:53:22
256 views09:53
Ашу / Түсініктеме
2022-02-28 12:53:19
233 views09:53
Ашу / Түсініктеме
2022-02-28 12:52:16
27-санлы у.б.б мектебинде "Анық пәнлер",
"Математика, информатика"
пән айлығы шеңберинде "Сыйқырлы МАТЕМАТИКА" атамасында өткерилген иләжлар
261 views09:52
Ашу / Түсініктеме
2022-02-27 13:49:47 "Заманагөй мектеп" атағын алған билим дәргайына

Бизиң Заманагөй, Ҳасыл мектепте

Әйне басшы кең пейлине жараса,
Сый, ҳүрметтиң алғысында орасан,
Заманагөй атқа мүнәсип мың сан,
Қәд көтерди билим бизиң мектепте.

Елдиң келешегин қолынан тутқан,
Журт басының мақсет, әрманын уққан,
Шебер устазлар көп жетилип шыққан,
Бизиң заманагөй, ҳасыл мектепте.

Ҳадал мәржан терлер бийкар кетпеген,
Тәлим - тәрбия дәнин пуқта шөплеген,
Қызыллатып қырман үйген көплеген,
Бардур шадлы мийнет бизиң мектепте.

Көксине исеним белгисин таңған,
Ҳәр ханада үмит жулдызы жанған,
Төбесинен бахыт қусы айланған,
Мол имканият бардур бизиң мектепте.

Устаз - муғаллимниң силтеген таўын,
Таўып алып, бийик шыңлардың баўын,
Гүллендирген зор турмыстың тараўын,
Алғыр базлар ушты бизиң мектептен.

Флора ҳәм Венера, Шыңғыс, Карамат,
Рано, Гүлнарадай мисли ҳасыл зат -
Ҳәр бири бийбаҳа, алтын жәмәәт,
Қызғын мийнет етер бизиң мектепте.

Кел, достым, гәпимниң айтайын ҳағын,
Әдиўлеген халқымыздың ығбалын,
Көргендей боларсаң бейиштиң бағын,
Бизиң заманагөй, ҳасыл мектепте.

Онда Едигениң мәрт зүрияды бар,
Ана Тумаристиң сап әўлады бар,
Және Ерназардың нық саўлаты бар,
Бизиң заманагөй, ҳасыл мектепте.

Елдиң қуўанышы, дәрти менен бир,
Туўры иске қойған шәрти менен бир,
Кеўлинде болмаған теңгедей бир кир,
Заманагөй жан бар бизиң мектепте.

Аппақ қағаз бенен гөззал өмирде,
Қолға қәлем алып усы өңирде,
Көп қатары жүрген әпиўайы мен де,
Бахытлы устазбан ҳасыл мектепте.

Жақсылардың ҳикметинен жайнап нур,
Билимниң қазаны бурқып қайнап тур,
Бунда ҳәр партадан шығар алтын, дүр,
Бизиң заманагөй, ҳасыл мектепте.

Автор : Азат Даўышбаев.

@azatdawishbaev
62 views10:49
Ашу / Түсініктеме
2022-02-26 19:09:21
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5 әҳмийетли басламасына тийкар, Оқыўшы жаслардың бос уақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, мектебимиздиң 4-баслауыш класс оқыўшылары арасында спорттың КЕЎИЛЛИ СТАРТлар түри бойынша дене тәрбия пәни муғаллимлери
Ж.Бердимбетов, Ф.Мамутовалар басшылығында 26-февраль куни жарыс шөлкемлестирилди.
Жарыс соңында жеңимпазлар анықланып Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды



293 views16:09
Ашу / Түсініктеме
2022-02-26 18:53:38
356 views15:53
Ашу / Түсініктеме
2022-02-26 18:35:38
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5 әҳмийетли басламасына тийкар, Оқыўшы жаслардың бос уақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, мектебимиздиң 7,8 класс оқыўшы жаслары арасында спорттың ФУТБОЛ түри бойынша дене тәрбия пәни муғаллими
У.Кутыбаев басшылығында 23,24-февраль кунлери жарыс шөлкемлестирилди.
Жарыс соңында жеңимпазлар анықланып Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды



322 viewsedited  15:35
Ашу / Түсініктеме
2022-02-25 19:12:17
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5 әҳимийетли басламасына тийкар, Оқыўшы жаслардың бос уақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, жәнеде "8-март Халық аралық Ҳаял қызлар күни" мүнәсебети менен мектебимиздиң 8 класс оқыўшы қызлары арасында спорттың ВОЛЕЙБОЛ түри бойынша дене тәрбия пәни муғаллими
Ҳ. Бектурсынова басшылығында жарыс шөлкемлестирилди.
Жарыс соңында жеңимпазлар анықланып Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды



53 views16:12
Ашу / Түсініктеме
2022-02-25 15:13:51 Онда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң хызметкери, Əжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент-жаслары, оқытыўшы ҳәм оқыўшылар қатнасты.

Илажда Орай Қарақалпақстан бөлминиң қәнигеси, шайыр Ш.Аяпов, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшысы А.Абатов ҳәм мектеп директоры Ф.Бийсеновалар Зульфия Исроилованың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятында танықлы шайыра ҳәм жәмийетлик ғайраткер Зульфияның дөретиўшилиги оғада әҳмийетли орын ийелейди. Шайыраның Ана-Ўатан, дослық, муҳаббат ҳәм инсан қәдир-қымбаты менен суўғарылған поэзиялық шығармаларының өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясын байытыўдағы тәсири оғада күшли. Соңғы жылларда пүткил өмирин өзбек әдебиятына бағышлаған устаз дөретиўшиниң қунлы дөретпелерин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм оның тулғасын мәңгилестириў бойынша көлемли илажлар әмелге асырылды.

Илаждың соңғы бөлиминде жыйналғанларға Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент жасларының мектеп оқыўшылары менен биргеликте Зульфия дөретиўшилигине байланыслы таярлаған мәдений-руўхый илажы усынылды.

Зулфия қосықларын образлы атқарыў, ҳәр қыйлы сахналық көринислер және мектеп фоесинде шөлкемлестирилген жас художниклер ҳәм өнерли балалар көргизбеси жыйналғанлар менен мектеп оқыўшыларына жоқары руўхый заўық бағышлады.

Илаж соңында руўхый-ағартыўшылық ушырасыўды шөлкемлестириўде белсене қатнасқан бир қатар талантлы оқыўшылар Орайдың Қарақалпақстан бөлими тәрепинен китаплар ҳәм Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

В.Утешова
Мектеп директорының руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
142 views12:13
Ашу / Түсініктеме