Get Mystery Box with random crypto!

Урыстағы (айтыстағы) тактика Мысалы 2 адам айтысып қалды. Бир | Азизуллаев Нурсултан

Урыстағы (айтыстағы) тактика

Мысалы 2 адам айтысып қалды. Биреўи өзиниң наҳақ (жеңилетинин) екенлигин сезип атса, гәпти басқа темаға бурғысы келеди. Тийкарғы мәселе шетте қала береди. Мысал ретинде ондай сөзлерге: әстен сөйле,бақырма, кимсең сен өйтип сөйлейтин. Сонымен гәпти алып қашады.

Бул кезде тилимиз бен мийимиз өзимизге бойсынбайды. Адамгершиликтен шығып кетемиз
.
Буның негизинде бизлердиң тәрбиямыз жатады. Ата-анамыз бизге не жақсы,не жаманын үйреткени, олардан қарап үйренгенлеримиз. Солар нәтийжесинде бизлердиң көзқарасымыз қәлиплеседи.

Яғный бизге қарап әке-шешесиде сондай деген пикир келеди адамларға.

Шешим: Мәселени урысқа шекем апармаў. Билмейтин нәрсеңиз ҳаққында тартыспаў.